Транспорт тараўындағы ўазыйпалар көрсетип өтилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 11-январь күни транспорт ҳәм логистика системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

    Кейинги жети жылда жергиликли тасыўшыларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде жүк автомобиллери саны 7 есеге артып, 26 мыңға жеткен. Олардың халықаралық тасыўдағы үлеси болса 35 проценттен 60 процентке артты.

    Бирақ, дүньядағы геосиясий жағдай бул тараўда қыйыншылық туўдырмақта. Батыс жөнелисинде тасыў мүддети 2 есеге, қәрежети болса 1,5 есеге шекем артып бармақта. Айырым Европа мәмлекетлери шегараларындағы өткериў пунктлери жабылған, басқаларында узақ нәўбетлер жүзеге келген.

    Сол себепли транспорт-логистика системасын избе-из раўажландырыў ҳәм сыртқы саўда бағдарларын диверсификациялаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Атап айтқанда, халықаралық ҳәм регионаллық базарларға алып шығатуғын альтернатив жөнелислер бойлап жайласқан мәмлекетлер менен транзит жүк тасыўларды әпиўайыластырыў ҳәм еркинлестириў, шегараларда өндирилетуғын жыйымларды өз-ара теңлик тийкарында азайтыў ямаса бийкарлаў илажларын көриў керек.

    Елимизде жүк жибериўши ҳәм тасыўшыны өз-ара байланыстыратуғын экспедиторлық хызметлердиң тийкарғы бөлеги сырт ел компанияларына туўра келеди. Бул тараўда жергиликли экспедиторларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде олардың халықаралық жүк тасыўдағы хызметлерине қосымша қун салығы алынбайтуғын болды. Нәтийжеде жергиликли кәрханалардың үлесин 45-50 процентке жеткериў имканияты көрсетип өтилди.

    Усындай илажлар арқалы халықаралық жүк тасыў көлемин 2 есеге арттырыў, транспорт хызметлериниң экспортын кеминде 3 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленди.

    Өзбекстан аймағы арқалы транзит тасыўлардың көлемин көбейтиў де әҳмийетли. Бул бағдарда жаратылып атырған қолайлықлар нәтийжесинде мәмлекетимиз соңғы жыллары Жәҳән банкиниң логистика бойынша индексинде жоқарыламақта. Бул транзит потенциалы менен бирге инвестиция ағымының артыўына, улыўма, саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына хызмет етеди.

    Жуўапкерлерге электрон нәўбет системасын кеңнен енгизип, шегараны өтиў ўақтын 20 минутқа шекем қысқартыў, транспорт қуралларын онлайн бақлаў системасын жолға қойыў арқалы қосымша жүк ағымларын тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

    Және бир мәселе - жөнелиссиз такси хызметлерине байланыслы. Еки жыл алдын физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен ҳалда такси басқарыўына ўақтынша рухсат берилген еди. Соның нәтийжесинде такси хызметкерлериниң саны 6 есеге артып, 457 мыңға жетти. Соның ушын енди бул тәртип турақлы болатуғыны айтылды.

    Таксилерге қарыйдар табыўда қолайлы мәлимлеме хызметлери базары қәлиплести. Ҳәзирги ўақытта 151 агрегатор компаниялар жумыс алып бармақта ҳәм бул және өсип бармақта. Сол себепли агрегаторлар жумысын тәртипке салыў, олардың мәмлекет, айдаўшы ҳәм жолаўшылар алдындағы миннетлемелерин анық белгилеў ўазыйпасы қойылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates