Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги "Түндеги экономиканы раўажландырыў концепциясы" жойбары ислеп шығылғанын мәлим етти.
АИ-80 маркалы бензиннен пайдаланыў атмосферада патасландырыўшы затлар ҳәм аўыр металлардың топланыўына алып келеди.
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң мәжилисинде "Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның жойбары қызғын додаланды.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап исбилерменлик субъектлерин "жасыл исбилермен" сыпатында тән алыўға қаратылған платформа иске қосылыўы нәзерде тутылмақта.
Бул бойынша нызам жойбары ислеп шығылады.
Егер шаңарақтың барлық ағзалары "экобелсенди пуқара" статусын алса, бул шаңараққа "Жасыл шаңарақ" статусы бериледи ҳәм ҳәр жылы лотерея арқалы анықланған шаңарақларға электромобил саўға етиледи.
Усы жылы шыпакер қабыллаўына гезекти толық электрон түрге өткериў, басланғыш буўындағы стоматология хызметин аутсорсинг тийкарында жеке меншик секторға бериў режелестирилген.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.