Өзбекстан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги 2026-жыл 30-май - 6-июнь күнлери тарийхый Самарқанд қаласында Глобал экологиялық фондтың (GEF) сегизинши Ассамблеясы болып өтетуғынын мәлим етти.
Белен қаласында (Бразилия) БМШтың Климат өзгериўи бойынша халықаралық конференциясы (CoP30) шеңберинде жоқары дәрежедеги сегмент болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов шығып сөйледи.
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының 7-мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Өзбекстан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков Түркменстан қоршаған орталықты қорғаў министри Чаригелди Бабаниязов пенен ушырасты.
Экология министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы агентлиги тәрепинен Жиззақ ўәлаяты Арнасай районында "Галофит бағлар жаратыўдың илимий тийкарлары" атамасында илимий-әмелий семинар болып өтти.
Усы жылдың 24-ноябрь - 5-декабрь күнлери Самарқанд қаласында Жоғалып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўда ҳаққындағы конвенция (CITES COP20) тәреплериниң 20-конференциясы болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм социаллық раўажланыў бойынша әмелият басшысы Гаянэ Минасян менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде фильтрлеў ҳәм суўды тазалаў бойынша санаат үскенелерин ислеп шығарыўға қәнигелескен Японияның Ishigaki Company Ltd компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
ЮНЕСКОның 80 жыллығы мүнәсибети менен республикамыз бойлап терек нәллери егилди.
БМШтың Женева бөлиминде 2025-жыл ноябрь айында Самарқандта болып өтетуғын Жабайы фауна ҳәм флора түрлери халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция (CITES COP20) тәреплериниң 20конференциясына таярлық мәселелери бойынша брифинг өткерилди.
Орайлық Азия регионының тәбийғый ҳәм климатлық қәўип-қәтерлерге әззилиги артып атырған бир шараятта Душанбе қалаларының турақлылығын беккемлеў бойынша регионаллық сөйлесиў болып өтти.