Усы жыл 3-сентябрьде Беларусь Республикасының Витебск қаласында "Өзбекстан - Беларусь: бирге ислесиў турақлы раўажланыў факторы сыпатында" атамасында Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумының жалпы мәжилиси өткерилди.
Бурын атап өтилгениндей, Сенат Баслығы басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Женева қаласында Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял спикерлериниң инклюзив ҳәм узақ мүддетли тынышлық жолында жетекшилик мәселелерине бағышланған 15-Саммитинде қатнаспақта.
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен орынларда таңлаўлар, ушырасыўлар ҳәм басқа да ҳәр қыйлы кеўилашар илажлар шөлкемлестирилмекте.
Еле тарийх китапларға мөрленбестен бурын - өтмиш сабақлары халық аўызеки дөретиўшилиги арқалы әўладларға жеткерилетуғын дәўирлерде де ҳаял қәдирли ҳәм ҳүрметли зат сыпатында қәдирленген.
«Дүньяда бир ҳаял болса да, зергерге жумыс табылады», деген гәп дурыс, әлбетте. Енди ҳаял-қызлардың дейдиндегисин, олардың өзинен басқа ким жақсы биле алады. Әлбетте – ҳаял адам буны жақсы түсинеди.
Тақыятас районындағы Моно орайда “Биз зорлыққа қарсымыз” жойбары шеңберинде ағартыўшылық илажы өткерилди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси менен биргеликте жәмийетте ҳаял-қызлардың орны ҳәм белсендилигин арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға арналған ашық сәўбетлесиў илажы болып өтти,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Соңғы жыллары елимизде жасларымызды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялап, олар арасында миллий қәдириятларымызды кеңнен ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарында көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бул болса, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң кәмил инсан болып жетилисиўинде әҳмийетли орын тутпақта.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәжилислер залында аймақларда ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери»ниң 6-басқышын сапалы шөлкемлестириўге бағышланған семинар болып өтти.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 проценти (57 адам), Сенат ағзаларының 27 проценти (16 адам), жергиликли Кеңеслер депутатларының 25 процентин ҳаял-қызлар қурайды.