Бүгин, 2-декабрь күни Самарқанд қаласында Жабайы фауна ҳәм флора түрлери халықаралық саўдасы ҳаққындағы коньвенция (CITES CoP20) тәреплериниң 20-конференциясы шеңберинде Өзбекстан Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети баслығы Азиз Абдуҳакимовтың БАӘ Климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық министри, Министрлер Кабинетиниң ағзасы Амна бинт Абдулла Ал-Даҳак Ал Шамси менен ушырасыўы болып өтти.
Самарқандта CITES конвенциясы тәреплериниң 20-конференциясы шеңберинде екинши баспасөз әнжуманы болып өтти. Илаж Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети тәрепинен CITES Секретариаты менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Самарқандтағы CITES CoP20 тәреплер конференциясы шеңберинде экология министриниң кеңесгөйи Алишер Саломов Россия Федерациясының Тәбияттан пайдаланыў тараўындағы қадағалаў бойынша федерал хызмети басшысының орынбасары Татьяна Кузнецова менен ушырасты.
Жойтылып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция тәреплериниң 20-конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасының экологиялық өзгерислер атласының презентациясына бағышланған илаж болып өтти.
Самарқандта CITES CoP20 конференциясы шеңберинде "Орайлық Азияның қар барсын сақлап қалыў ҳәм таў ландшафтларының турақлылығына садықлығы: сиясаттан әмелиятқа шекем - мониторинг, қаржыландырыў ҳәм жабайы ҳайўанлар саўдасын тәртипке салыў илажлары" темасында жоқары дәрежедеги министрлер ушырасыўы болып өтти.
Silk Road Samarkand туристлик комплексиниң Экспоорайында 24-ноябрь күни Жойтылып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлери бойынша халықаралық саўда ҳаққындағы конвенция (CITES CoP20) тәреплериниң 20-конференциясының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
CITES тәреплериниң 20-конференциясының Стратегиялық тәсирин арттырыў бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиўи шеңберинде Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғызстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасында Орайлық Азияда жабайы ҳайўанлар ҳәм өсимликлер ресурсларынан турақлы пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў және олардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиў бойынша Самарқанд декларациясы ҳәм 2026-2032-жылларға мөлшерленген регионаллық бирге ислесиў бойынша Ҳәрекетлер режесине қол қойыў мәресими болып өтти.
23-ноябрь күни Самарқандта жабайы ҳайўанлардың тәртипке салынатуғын саўдасы тараўында мониторинг, қаржыландырыў ҳәм әмелий илажлар және CITES CoP20 ның стратегиялық тәсирин арттырыў мәселелерине бағышланған жоқары дәрежедеги сөйлесиў болып өтти.
Атмосфера ҳаўасының патасланыўын сапластырыў мақсетинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети санаат кәрханаларына бир қатар биринши гезектеги миннетлемелер жүкледи.