Жәҳән банкиниң Атқарыўшы директорлар кеңеси Өзбекстан ушын 250 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыландырыў пакетин мақуллады. Қаржылар "Қалаларда жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў" бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиздиң 16 стратегиялық әҳмийетке ийе район ҳәм қалаларында коммунал инфраструктураны раўажландырыў, халық ҳәм исбилерменлерге хызмет көрсетиў сапасын жақсылаўға бағдарланады.
Жәҳән банкиниң Атқарыўшы директорлар кеңеси тәрепинен жоқары, техникалық ҳәм профессионал билимлендириў системаларында студентлердиң қаржыландырыўдан теңдей пайдаланыўын кеңейтиўге қаратылған «EduImkon» бағдарламасын әмелге асырыў ушын Өзбекстанға 250 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратылыўы мақулланды.
Ташкентте Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимовтың Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азияда турақлы раўажланыў бойынша регионаллық директоры Самеҳ Ваҳба менен ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм социаллық раўажланыў бойынша әмелият басшысы Гаянэ Минасян менен ушырасты.
Жәҳән банки тәрепинен усы ҳәптеде жәрияланған "Европа ҳәм Орайлық Азия экономикасы: бәнтлик ҳәм абаданлық ҳаққындағы есабат"тың соңғы санында атап өтилгениндей, базарлары қәлиплесип атырған ҳәм экономикасы раўажланып атырған Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде (оған регионның 22 мәмлекети киреди) экономикалық өсиў пәти төменлеген. Бирақ глобал ҳәм регионаллық қәўип-қәтерлерге қарамастан, бул мәмлекетлер турақлылық көрсетип келмекте.
Мағлыўматларға бола, бул арқалы Өзбекстанда киши гидроэнергетика жәрдеминде электр энергиясын ислеп шығарыў көбейтиледи.
Жойбар мәмлекеттиң бес регионында суў шығынларын азайтыў ҳәм суўғарыў системаларының энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.
Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында болып өтип атырған " Human Capability Initiative 2025" халықаралық форумында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги делегациясы қатнаспақта.