Жәҳән банки: Өзбекстан 2025-жылы экономикалық өсиў пәтлери бойынша Европа ҳәм Орайлық Азия регионындағы ең жақсы 5 мәмлекет қатарына киреди

    8 қазан 2025 709

    Жәҳән банки тәрепинен усы ҳәптеде жәрияланған "Европа ҳәм Орайлық Азия экономикасы: бәнтлик ҳәм абаданлық ҳаққындағы есабат"тың соңғы санында атап өтилгениндей, базарлары қәлиплесип атырған ҳәм экономикасы раўажланып атырған Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринде (оған регионның 22 мәмлекети киреди) экономикалық өсиў пәти төменлеген. Бирақ глобал ҳәм регионаллық қәўип-қәтерлерге қарамастан, бул мәмлекетлер турақлылық көрсетип келмекте.

    ЕАЕА регионында экономикалық өсиў прогнозлары;

    2025-жылы Европа ҳәм Орайлық Азия регионында жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери, тийкарынан, Россияда экономикалық өсиўдиң төменлеўи есабынан 2024-жылдағы 3,7 проценттен төменлеп, 2,4 процентти қураўы прогноз етилмекте. Бул аймақтағы улыўма өндирис көлеминиң дерлик 40 проценти усы мәмлекет үлесине туўра келетуғынын есапқа алмағанда, өсиў пәтлери дерлик өзгермеўи, яғный быйылғы ҳәм келеси жылда 3,3 процент әтирапында болыўы итимал.

    ЕАЕА регионында келешекте экономикалық өсиў орташа пәтлерде - 2026-2027-жылларда орташа 2,6 процентке шекем артыўы күтилмекте. Россияда келеси жылы экономикалық өсиўдиң және де төменлеўи - 0,8 процентке шекем, соң 2027-жылы 1 процентке шекем азырақ артыўы күтилмекте. Соның менен бирге, Түркия экономикасы беккемлениўди даўам еттиреди ҳәм 2027-жылы өсиў пәтлери 4,4 процентке жетеди.

    ЕАЕА мәмлекетлериндеги өсиў, итимал, жеке меншик тутыныў, мийнет ҳақы, ақша өткермелери ҳәм социаллық төлемлер көлеминиң өсиўи, даўам етип атырған инфраструктуралық инвестициялар, сондай-ақ, халықаралық саўданың әсте-ақырын тиклениўи менен қоллап-қуўатланады.

    Соған қарамастан, 2026-2027-жылларда регионаллық өсиў прогнозларының төменлеўи бойынша сезилерли қәўиплер сақланып қалмақта. Атап айтқанда, структуралық реформаларды әмелге асырыўдағы төмен раўажланыў ЕАЕА мәмлекетлеринде өнимдарлықтың өсиўин тиклеў имканиятын шеклемекте. Геосиясий анықсызлық, халықаралық саўдадағы кескинлик, сондай-ақ, турақлы инфляциялық басым регион экономикасының әззилигин арттырмақта.

    Орайлық Азия мәмлекетлеринде экономикалық өсиў прогнозлары.

    ЕАЕА регионы экономикалары арасында Орайлық Азия мәмлекетлеринде жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери избе-из үш жыл даўамында ең жоқары болып қалмақта. Прогнозларға бола, бул субрегионда өсиў 2025-жылы 5,9 процентти қурайды. Қазақстанда нефть қазып алыўдың көбейиўи, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанда ақша өткермелери көлеминиң артыўы, сондай-ақ, субрегион мәмлекетлеринде мәмлекетлик ҳәм жеке меншик инвестициялардың көбейиўи бул көрсеткиштиң өсиўине хызмет етеди.

    Прогнозларға бола, 2026-жылы Орайлық Азияда өсим 5 процентке шекем төменлейди. Соған қарамастан, субрегион мәмлекетлери Европа ҳәм Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери, соның ишинде, Орайлық ҳәм Шығыс Европа, Қубла Кавказ, Батыс Балкан субрегионлары, сондай-ақ, Россия ҳәм Түркия арасында жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери бойынша жетекшилик орнын сақлап қалады.

    Өзбекстан 2025 ҳәм 2026-жылларда ЕАЕА регионында ең жоқары өсиў пәтлерине ийе бес экономикадан бири болып қалады. Мәмлекетимиздиң жалпы ишки өниминиң өсиўи 2025-жылы 6,2 процентти, 2026-жылы болса 6 процентти қураўы күтилмекте. Экономикалық өсиў пәтлери бойынша басқа жетекшилер қатарында Қырғыз Республикасы (2025-жылы - 9,2 процент ҳәм 2026-жылы - 6,5 процент), Тәжикстан (сәйкес түрде - 7,6 процент ҳәм 5,2 процент), Грузия (7,5 процент ҳәм 5,5 процент) ҳәм Қазақстан (5,5 процент ҳәм 4,5 процент) бар.

    ЕАЕА аймағындағы бәнтлик

    "Европа ҳәм Орайлық Азия экономикасы ҳаққындағы баянат: бәнтлик ҳәм абаданлық" атамасындағы арнаўлы бөлим региондағы бәнтлик мәселелерине бағышланған. Онда атап өтилиўинше, инфраструктура, физикалық ҳәм инсан капиталына инвестициялар, соның ишинде, билимлендириў ҳәм маманлықты арттырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм жеке меншик инвестицияларды тартыў ЕАЕА мәмлекетлеринде өнимдарлықтың өсиўин сезилерли дәрежеде жеделлестириўде шешиўши әҳмийетке ийе.

    Көбирек жумыс орынларын жаратыў ҳәм олардың сапасын арттырыў ушын мәмлекетлер бәнтликтиң әҳмийетли тийкарлары болған инсан капиталы ҳәм инфраструктураға инвестицияларды көбейтиўи зәрүр. Буннан тысқары, билимлендириўдиң, әсиресе, профессионал ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў әҳмийетли. Ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың потенциалынан елеге шекем толық пайдаланылмай атыр, бирақ мине усы потенциал региондағы мийнетке жарамлы халық санының қысқарыўының орнын толтырыўы мүмкин.

    Орайлық Азияда жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын перспективалы тармақлар

    Жәҳән банкиниң есабатында атап өтилиўинше, Орайлық Азия мәмлекетлеринде экономиканың айырым тармақларын раўажландырыў жолындағы бар тосқынлықларды сапластырыў жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

    Атап айтқанда, Қазақстанда агроқайта ислеўди, бәринен бурын, бийдай жетистириў ҳәм шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў ушын пайдаланылмаған имканиятлар сақланып қалмақта. Қырғызстан Республикасында үлкен гидроэнергетика потенциалы бар ҳәм қуяш энергетикасы тараўы раўажланбақта, қаржы, туризм ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары (МКТ) тараўларында экспортқа бағдарланған хызметлер қәлиплеспекте.

    Тәжикстан ушын үлкен гидроэнергетика потенциалынан пайдаланыў, транспорт коридорларының логистикасын жақсылаў ҳәм туризм тараўын раўажландырыў тийкарғы имканиятлар болып есапланады.

    Өзбекстанның тийкарғы бағдарлары химия санааты, МКТ хызметлери ҳәм мийўе-овощ жетистириўди қамтып алған. Химия санаатында бәсекиге шыдамлылық ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў өндиристи модернизациялаў, тәртипке салыў ҳәм қадағалаў функцияларын коммерциялық жумыс пенен ажыратыў, химия өнимлерине субсидиялар, баҳа шеклеўлери ҳәм экспорт қадағалаўын басқышпа-басқыш бийкар етиўге байланыслы.

    Өзбекстанда МКТ тараўының потенциалы кең полосалы интернеттиң жетерли емеслиги ҳәм қолайлылығы менен шекленбекте. Мийўе-овощ жетистириў тараўында халықаралық стандартлар ҳәм сертификатлаўды енгизиў, экспортта алдыннан төлеў талапларын бийкарлаў, заманагөй суўғарыў системаларына қосымша инвестицияларды тартыў, аўыл хожалығы егинлери бойынша илимий изертлеўлер ҳәм қолланбалар арқалы экспортты көбейтиў мүмкин.