"Әҳмийетли 10 күнлик" усы жылдың 25-августынан 5-сентябрьге шекем даўам етеди.
Yashiltamojnya.uz платформасы бажыхана ҳәм шегара хызметлери хызметкерлерине оператив жәрдем көрсетиў ушын мөлшерленген.
"Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1073-санлы, 07.07.2025-ж.) қабыл етилди.
Экология министрлиги тәрепинен республиканың жасыллық дәрежесин және де арттырыў, тоғайларды көбейтиў бағдарында көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Экология министрлиги тәрепинен Саудия Арабстанының "Vision International Investment" (ВИИC) ҳәм Францияның "Suez International" компаниялары менен бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов басшылығындағы делегация Душанбе қаласында (Тәжикстан) болып өткен музлықларды сақлаў бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияда қатнасты.
Нөкис қаласында «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика» жылы шеңберинде шөлкемлестирилген «Eco – Save Aral-2025» ҳәм «Инсан ушын» атамасындағы халықаралық қайырқомлық ҳәм экологиялық ғалабалық жуўырыў жарысы болып өтти.
Экология министрлиги жанындағы Қорғалатуғын тәбийий аймақлар департаментине қараслы "Нурата" ҳәм "Сурхан" мәмлекетлик қорықханалары және "Зарафшан" миллий тәбият бағының аймағы кеңейтилди.
Өзбекстанда қоршаған орталықты қорғаў ҳәм оның жағдайы ҳаққында исенимли мәлимлеме менен тәмийинлеў бойынша миллий дәрежеде илажлар күшейтилмекте, бул Өзбекстан Республикасы Конституциясының 49-статьясында беккемлеп қойылған.
Шоманай районындағы Бәркамал әўлад балалар мектебинде «2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» мәмлекетлик бағдарламасына тийкарланып “Экология ҳәм биз” атамасында көргизбели кеше болып өтти.