Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги қарары менен Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллығына бағышланып «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткерилиўи белгиленген еди. Бүгин оқыў дәргайында Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллығына бағышланған илимий теориялық конференция шеңберинде “Илҳам ҳәм сөз қүдирети” атамасындағы Республикалық таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында уллы жадид илимпаз, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың бай әдебий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, өсип киятырған жас әўладлардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде «Жадидлер изинен» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Усындай атама менен Қазақстанның Kazinform сайтында мақала басып шығарылды.
2025-жыл 20-сентябрь күни Москваның Live Arena театрында қайта тикленген "Интервидение" музыкалық таңлаўының финалы болып өтти. "Фудом тҳиен вёнг" композициясын атқарған Вьетнам ўәкили Дик Фук жеңимпаз болды. Төрешилер тәрепиниң даўыс бериў нәтийжелерине бола, ол 422 балл топлады.
"Эл-юрт умиди" қорының стипендиаты, Эдинбург университетиниң студенти Самирбек Рашидов «Oʻzbekkosmos» агентлигинде кәсиплик әмелиятын табыслы өтеди. Өз әмелияты шеңберинде аэрокосмослық технологияларға қәнигелескен Бейхан университетинде (Қытай) Space Summer Program 2025 те қатнасты.
Усы жыл 5-августта Ташкенттеги Ботаника бағында "Тәбият балалар нәзеринде" сүўретлер таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.
Ҳүкимет қарары (385-сан, 24.06.2025 ж.) менен "Ең үлгили жасыл туризм объекти" таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы көркем аўдарма тараўында Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлық таңлаўына шығармалар қабыл етиў басланғанын жәриялады.
Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплери директорларының орынбасарлары арасында өткерилген «Заманагөй басшы» таңлаўы өз жуўмағына жетти.
Таңлаўдың хошаметлеўши 12 номинациясы жеңимпазлары диплом, "Алтын қәлем" статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.