Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшылары Паҳлавон Ғуломов ҳәм Асылбек Ашрапов ҳәм олардың устазы Соҳибхон Азизовтың жаўын суўын ишимликке жарамлы дәрежеге шекем қайта ислеў жойбары жеңиске еристи.
Мәмлекетимиз басшысы мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамына бағышланып, Нөкис қаласындағы Президент мектебинде «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!» сүрени менен дөгерек сәўбети өткерилди.
Нөкис қаласындағы Президент мектеби халықаралық CIS шөлкеминиң аккредитациясынан табыслы өтип, оның рәсмий ағзасына айланды.