Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти ҳәм студент-жаслары елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм бул арқалы халықтың турмыс тәризин жақсылаўға бағдарланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги абаданластырыў және көклемзарластырыў жумысларын даўам еттирмекте,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Президентимиздиң усы жылдың 21-февральдағи «2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы ҳәм «Мубәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Бүгин Нөкис қаласында Наўрыз улыўма халықлық байрамы алдынан қала ҳәкимлигиниң басламасы тийкарында «Таза қала» акциясы жоқары шөлкемлескенлик пенен басланып кетти.
Қоңырат районында да “Әҳмийетли бир айлық” даўамында егислик майданлардың шетине алша, беҳи, тут ҳәм басқа да мийўе нәллерин егиў жумысларына итибар қаратылмақта,-деп хабар бермекте ҳәкимлик баспасөз хызмети.
Алдын хабар бергенимиздей, Қанлыкөл районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде илажлар басланып, халықаралық дәрежедеги А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының ҳәр еки тәрепине терек нәллерин отырғызыў жумысларын әмелге асырыў ҳәрекетлери басланып кетти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральдағы “2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, орынларда байрамға таярлық көриў жумыслары ҳәм «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илажлар көтериңкилик руўхта басланып кетти. Шоманай районында да Наўрыз байрамы ҳәм “Жасыл мәкан” жойбарына бағышланған улыўма миллий шембиликке таярлық көрилмекте.
Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа қолайлы егинлерди егиў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылыўы тийис болған бәҳәрги кең көлемли илажларға старт берилди.
Ҳәзирги ўақытта шығынды полигоны әтирапына терек нәллерин егиў жумыслары алып барылмақта.
Елимиз бойлап “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.