Пәрман менен тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди:

майыплығы болған шахслардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын арнаўлы хызметлер системасын енгизиў;

майыплығы болған жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, олардың мийнет базарына кириўи ушын қосымша имканиятлар жаратыў;

2025-жылдың ақырына шекем 80 мың майыплығы болған шахстың турақлы бәнтлигин ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў.

2025-жыл 1-июньнан баслап:

I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;

субсидия сурдоаўдармашы, психолог ҳәм жолдаслық хызметин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын ажыратылады;

физикалық тәреплерге жолдаслық хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге рухсат бериледи.

Сондай-ақ, "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында Мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестри жүргизиледи.