Илажда қатнасыў ушын пүткил дүнья бойлап жәми 250 мың адам Ватикан майданы ҳәм оның әтирапына жыйналды.

Мәресимниң рәсмий бөлими жуўмақланғаннан соң Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов жаңадан сайланған Рим Папасын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлемин жоллады.

Өз гезегинде, жаңа Рим Папасы Өзбекстан Басшылығы ҳәм халқына терең миннетдаршылық билдирди.

Мәресимде 156 сырт ел мәмлекетлеринен, патшалық үйлери ҳәм диний коньфессиялардан делегациялардың ўәкиллери қатнасты.