Реже өз жумысында шығындылардың пайда болыўын азайтыўда баслама көрсеткен исбилерменлер арасында "Ең үлгили жасыл туризм объекти" таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин белгилейди.

Туризм комитети ҳәр жылы 1-июльға шекем таңлаўды өткериў ҳаққында өз рәсмий бетлеринде дағаза береди.

Таңлаў ҳәр жылы сентябрь - ноябрь айларында төмендеги басқышларда өткериледи:

аймақлық таңлап алыў басқышы - Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы көлеминде;

республикалық жуўмақлаўшы басқышы - аймақлық таңлап алыў басқышларының жеңимпазлары арасында республика көлеминде.

Республикалық басқыштың жеңимпазлары төмендеги муғдарларда бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады:

1-орын - БЕМның 150 есеси;

2-орын - БЕМның 100 есеси;

3-орын - БЕМның 50 есеси.