"Ташкент архитектура-қурылыс университети жумысында билимлендириў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм илимий изертлеўлердиң әмелият пенен интеграциясын тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-209-санлы, 01.07.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Университет жумысында ерисилетуғын тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
дуал тәлим формасын толық енгизиў арқалы билимлендириў процесслериниң әмелият пенен интеграциясын тәмийинлеў;
илимий потенциалды экспорт етиў шеңберинде 2028-жылдың ақырына шекем Университет брендин қәлиплестирип, сырт мәмлекетлерден кеминде 1 000 студентти тартыў.
2025/2026-оқыў жылынан Ташкент архитектура-қурылыс университетинде оқытыўдың дуал билимлендириў формасы енгизиледи.
Дуал билимлендириў бағдарламасы кредит-модул принципи тийкарында төмендегилерде өткериледи:
1-курс студентлери ушын - билимлендириў бағдарламаларының 60 проценти (теориялық бөлимлери) аудиторияларда, 40 проценти (әмелий бөлими) қурылыс санааты кәрханаларында;
2-, 3-ҳәм 4-курс студентлери ушын - билимлендириў бағдарламаларының 40 проценти (теориялық бөлимлери) аудиторияларда, 60 проценти (әмелият бөлими) қурылыс санааты кәрханаларында.
Қарарға бола, 2025/2026-оқыў жылынан тийисли билимлендириў бағдарламалары бойынша әмелий сабақ ҳәм лабораториялық жумыслардың кеминде 25 проценти сырт елли профессор, халықаралық сертификатқа ийе профессионал қәнигелер тәрепинен өткериледи.
2025-жыл 1-сентябрьден тәжирийбе-сынақ тәризинде "мектеп - техникум (лицей) - университет" принципи тийкарында кадрларды таярлаў жолға қойылады.
Онда Ташкент қаласы Юнусабад районы 250-ҳәм 273-санлы улыўма билим бериў мектеплери Университетке бириктириледи ҳәм Университет:
ҳәр айда 1 мәрте 7-9-класс оқыўшыларын олардың қызығыўшылықлары шеңберинде белгиленген тараўларға байланыслы темаларды Университет лабораторияларында сабақтан тысқары шынығыў сыпатында оқытады;
оқыўшылардың Университет лабораторияларына қәўипсиз барып келиўин тәмийинлейди.
2025-жыл 1-сентябрьден "Университет - лаборатория - кәрхана - министрлик" экосистемасы енгизиледи. Экосистема шеңберинде ҳәр жылы:
бирге ислесиўши қурылыс санааты кәрханаларынан илимий изертлеўлер өткериў бойынша буйыртпалар қабыл етиледи;
студентлер, магистрантлар, илимий излениўшилер арасында "Ең жақсы 20 идея" таңлаўы жәрияланып, таңлап алынады;
жеңимпаз жойбарлар бойынша лабораторияларда изертлеўлер өткерилиўи тәмийинленеди.
Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы әмелиятқа енгизилген илимий изертлеўлердиң авторларын БЕМниң 35 есеси муғдарында қаржылай хошаметлейди.
2025-жыл 1-сентябрьден мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң архитектура ҳәм қурылыс бағдарындағы барлық лабораторияларының жумысы Университет тәрепинен “UniLab” платформасы арқалы муўапықластырып барылады.