Пәрманға бола:

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги сапластырылып, оның мәлимлеме тараўында қадағалаў ҳәм мониторинг бойынша ўазыйпалары менен функциялары Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясына өткерилди;

Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орай Администрация бойсыныўына өткерилди;

Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы негизинде Наркотиклер ҳәм оқатар қуралларды қадағалаў агентлиги шөлкемлестирилди;

Администрация Баспасөз хызмети медиа-орайы негизинде Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы шөлкемлестирилди;

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилди;

Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Администрация бойсыныўына өткерилди.

2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендегилерге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ислеп шығылады:

  • бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, тәкирарланыўшы қадағалаў функцияларын бийкар етиў, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў;
  • аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бағдарында жергиликли ҳәкимликлердиң экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм финанслық ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиў.