Өзбекстанның Фижидеги елшиси етип тайынланған Муҳсинхўжа Абдураҳмонов усы мәмлекет президенти Рату Найкама Тавакеколати Лалабалавуға исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Салтанатлы мәресим алдында ҳүрметли қараўыл сап тартып, Өзбекстан мәмлекетлик гимни жаңлады ҳәм Өзбекстан байрағы көтерилди.
Рәсмий илажлардан соң болып өткен сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Фижи арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы бағдарлардағы байланыслардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық байланыслар тарийхында биринши мәрте Өзбекстанның Фижиге елшисиниң тайынланыўы Фижи тәрепи ушын да әҳмийетли тарийхый ўақыяға айланғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Фижи менен еки ҳәм көп тәреплеме байланысларды раўажландырыўға итибар қаратқаны ушын Өзбекстан Президентине айрықша миннетдаршылық билдирилди.
Ушырасыў жуўмағында Фижи президенти Өзбекстан Президентине терең ҳүрмет ҳәм қызғын сәлемлерин жоллады және өзбек халқына тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.
Мағлыўмат орнында, Өзбекстан ҳәм Фижи арасында дипломатиялық қатнасықлар 2010-жыл 16-июнь күни орнатылған.
Еслетип өтемиз, Мухсинхўжа Абдураҳмонов 2021-жыл 27-сентябрь күни Япония Императоры Нарухитоға Өзбекстан елшиси сыпатында исеним жарлықларын тапсырған еди.