Буның ушын электрон арзаны толтырып, ЖПХға жибериў жеткиликли.

Қосымша ҳүжжетлер талап етилмейди - барлық зәрүрли тәртип-қағыйдалар ЖҲҚБ хызметкерлери тәрепинен орынланады.

Арза көрип шығылып, нәтийже порталдағы пайдаланыўшының жеке кабинетине жибериледи.

Хызмет баҳасы - 123 600 сум (базалық есаплаў муғдарының 0,3 есеси).