Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, алдаўшылар номерди алмастырыў технологияларынан пайдаланады, олардың жәрдеминде телефон экранында реал қоңыраў етиў дәреги жасырын болса да, қәлеген мәмлекеттиң номери сәўлеленеди. Себеби қоңыраўлар интернет каналлары арқалы өтеди ҳәм номер алдыннан қәлбекилестириледи, мобил операторлар ушын қоңыраўды ким ҳәм қай жерден әмелге асырғанын анықлаў оғада қыйын.

Буннан тысқары, бундай номерлер, әдетте, арнаўлы мағлыўматлар базаларында болмайды, бул болса гәп ҳақыйқый SIМ-карта ҳаққында емес, ал ўақытша ҳәм виртуал түрде пайда етилген номерлер ҳаққында болып атырғанын тастыйықлайды.

Қәнигелер бундай қоңыраўлар бир ўақыттың өзинде бир неше қәўип туўдыратуғынын ескертпекте. Бириншиден, сырт ел номерине қайта қоңыраў етиў телефон балансынан пул шешилиўине алып келиўи мүмкин. Екиншиден, зыянкеслер көбинесе өзлерин банклер, мәмлекетлик уйымлар ямаса басқа да шөлкемлердиң хызметкерлери сыпатында таныстырып, жеке мағлыўматлар, банк карталарының реквизитлери ҳәм тастыйықлаў кодларын алыўға урынады.

Ҳәтте, қоңыраўға жуўап бериў фактиниң өзи де қәўипли болыўы мүмкин: алдаўшылар номер актив екенин түсинеди, соннан кейин алдаўға урыныўлар саны кескин артыўы мүмкин. Буннан тысқары, сизиң даўысыңыз жазып алыныўы ҳәм келешекте жақынларыңыз яки танысларыңызды алжастырыў мақсетинде жасалма интеллект жәрдеминде жалған аудиохабарлар жаратыў ушын қолланылыўы мүмкин.

Пуқараларға сырт елдеги таныс емес ҳәм гүманлы номерлерден қоңыраўларға жуўап бермеў, оларға қайта қоңыраў етпеў, бундай байланысларды дәрҳал блоклап қойыў ҳәм ҳеш қандай жағдайда сырт елге өзиниң жеке мағлыўматларын бермеў усыныс етиледи. Бул сизиң қаржыларыңыз ҳәм жеке мағлыўматларыңызды кибер алдаўшылар ҳәрекетинен қорғаўға жәрдем береди.