Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясында ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссияның кеңейтилген видеоселектор мәжилиси болып өтти. Оны Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы, Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссияның баслығы Қудратилла Рафиқов алып барды.
Видеоселектор мәжилисинде орайлық студиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм тармақлық кәсиплик аўқамлары республикалық кеңеслериниң жуўапкерлери қатнасты.
Аймақлық студиялардан болса Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң экономика, социаллық бағдар және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары, район ҳәкимлери, республикалық комиссияға ағза министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық басқармаларының баслықлары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясынан аймақларға бириктирилген жуўапкерлер ҳәм федерацияның аймақлық кеңеслериниң басшылары қатнасты.
Кеңейтилген мәжилисте Президентимиздиң усы жыл 14-марттағы "Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарының нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў және "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышына киргизилген 1 миллионнан аслам ҳаял-қызға белгиленген әмелий жәрдемниң өз ўақтында берилиўин шөлкемлестириў бағдарында ислениўи зәрүр болған жумыслар додаланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
- Президентимиз усы жыл 7-март күни Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышлап өткерилген салтанатлы мәресимде мәмлекетимиздеги ҳаял-қызлар ушын бир қатар имканиятлар менен жеңилликлерди жәриялап, усы жылы әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди. Сондай-ақ, 2025-жыл ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде шешиўши жыл болатуғынын атап өтип, жуўапкерлерге 2 миллион ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў тапсырмасын берди, - деди Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы, Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссияның баслығы Қудратилла Рафиқов. - 2 миллион ҳаял-қыз бәнт болды, дегени 2 миллион шаңарақ, яғный кеминде 8 миллион халықтың турмыс абаданлығы артады ҳәм мәмлекеттен разы болады, дегени.
Мәжилисте атап өтилгениндей, бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыў механизмлери анық көрсетилген. Атап айтқанда, 1 миллион 300 мың ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклер жуўапкер етип белгиленди.
Соның ишинде, Миллий банк хызметлер тараўында кеминде 200 мың ҳаял-қызлардың жойбарларын әмелге асырыўға жәрдем береди. "Туранбанк" болса 150 мың ҳаял-қызға лимон жетистириў арқалы дәрамат табыўы ушын арзан кредитлер усынады. "Микрокредитбанк" қусшылық тараўында 160 мың, "Санаатқурылысбанк" овош ҳәм нәллер жетистириў тараўында 160 мың, Халық банки жүзим, брокколи ҳәм жергиликли капуста жетистириўде 150 мың, "Агробанк" бағшылық бағдарында 144 мың ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлейди.
Сондай-ақ, Бизнести раўажландырыў банки көк шөп, болгар бурышы, баклажан ҳәм помидор жетистириў тараўында 94 мың, "Асакабанк" фармацевтика ҳәм жүзимгершиликте 82 мың, "Алоқабанк" IТ, пал ҳәррешилик ҳәм мийўели егинлер жетистириў тараўында 58 мың ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиўи керек.
Ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссия тәрепинен болса "Ҳаял-қызлар дәптери" арқалы 636 мың апа-қарындасларымыздың бәнтлиги тәмийинленеди. Буннан тысқары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети исбилерменлик етиў тилегинде болған 100 мың ҳаял-қызды оқытып, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм бизнесин ашыўға жәрдемлесиў жумысларын шөлкемлестиреди.
Мәжилисте республикалық комиссия ағзаларына усы бағдарлардағы кең көлемли жумысларды нәтийжели әмелге асырыў механизмлери толық түсиндирилип, анық ҳәм мәнзилли илажлар белгиленди.
Атап айтқанда, жуўапкерлерге ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын избе-из әмелге асырыў, бар машқалаларды сын көзқарастан таллаў ҳәм оларды сапластырыў илажларын көриў, социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр, жумыссыз және зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
"Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислесиў системасын жүргизиў, сын көзқарастан таллаў ҳәм муўапықластырыў, шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў, ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған илажларды шөлкемлестириў, олардың сапалы билим ҳәм кәсиплик көнликпелер алыўына, мүнәсип жумыс табыўына жәрдемлесиў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, бул ушын мотивациялық семинарлар, түрли мәдений-ағартыўшылық, туризм ҳәм спорт илажлары, фестиваль ҳәм конференциялар шөлкемлестириў, шаңарақлар ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, оларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, соның ишинде, алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм турмысқа
Мәжилиске қатнасқан коммерциялық банклердиң жуўапкерлери 1 миллион 300 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў бойынша ислеп шығылған режелери менен жыйналғанларды таныстырды.
Күн тәртибинен орын алған екинши мәселе - "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышын жоқары дәрежеде әмелге асырыў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпалар да ҳәр тәреплеме додаланды. Атап өтилгениндей, енди "Ҳаял-қызлар дәптери" системасының орынланыўы бойынша жумыс ўәлаят, район, мәҳәлле дәрежесинде алып барылады. Буннан былай "Ҳаял-қызлар дәптери" системасын жүргизиўде Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар және Мәҳәллелер аўқамы басқармалары ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң роли ҳәм орны айрықша әҳмийетке ийе болады.
"Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышы усы жылдың январь айынан басланған. Өткен 2 ай даўамында 9 мың 453 мәҳәллениң ҳәр биринде кәсиплик аўқамының ўәкиллери ҳәм "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен үйме-үй жүриў арқалы 7,7 миллионнан аслам ҳаял-қызлардың машқалалары ҳәм социаллық жағдайы арнаўлы сораўнама тийкарында "пуқарабай" үйренилди. Нәтийжеде социаллық жәрдемге мүтәж ҳаяллар анықланып, жәми 1 миллионнан аслам жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышына киргизилди.
Соның ишинде, олардың 636 мыңы социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз, 34 мыңы исбилерменлик етиў тилегинде болған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар болып есапланады. 130 мыңы болса бағыўшысы болмаған, 162 мыңы социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, медициналық жәрдемге мүтәжлер болып есапланады.
Сондай-ақ, 6 мыңы турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж, 57 мыңының қарамағында майыплығы бар перзенти бар, мыңнан асламы қыйтақ жеринен үнемли пайдаланыў ушын жәрдемге мүтәж.
"Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген бул ҳаял-қызлардың ҳәр бири ушын индивидуал бағдарлама ислеп шығылды. Бул жумыслар мәҳәллелердеги "жетиликлер", кәсиплик аўқамлары, ҳәкимликлер, министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлардағы ўәкиллеринен ибарат 80 мыңға шамалас жуўапкердиң қатнасыўында әмелге асырылды.
Мәжилисте "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 6-басқышына киргизилген мүтәж ҳаял-қызларға тийисли әмелий жәрдемлерди көрсетип, машқалаларын шешиў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Атап айтқанда, "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген 636 мың ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге оқытыў, бәнтлик, қыйтақ жер, субсидиялар ажыратыў сыяқлы бағдарларда усы арнаўлы дизимге киргизилген ҳәр бир ҳаял-қыздың турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўын тәмийинлеў бойынша мәнзилли реже ислеп шығыў, исбилерменлик етиў тилегинде болған 34 мың жәрдемге мүтәж ҳаял-қызға кредит ажыратыў ҳәм исбилерменлигин жолға қойыў зәрүр.
Оларға исбилерменлик көнликпелерин үйретиў ҳәм кредит алғанынан соң аяққа турғанша қоллап-қуўатлаў, бағыўшысы болмаған 130 мың мүтәж ҳаял-қыз, социаллық жәрдемге мүтәж 162 мың I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз ҳәм қарамағында майыплығы болған перзенти бар 56 мың 977 мүтәж ҳаял-қызға базалық есаплаў муғдарының 4 есеге шекем, яғный 1 миллион 500 мың сумға шекем материаллық жәрдем бериў, 6 мың ҳаял-қыздың турақ жайын ҳәм жасаў шараятын жақсылаў бойынша анық ҳәм мәнзилли ўазыйпалар және жуўапкерлер белгиленди.
Бул жумысларды әмелге асырыў ушын қаржы дәреги белгиленип, қаржы да ажыратып берилген.
Мәжилисте бул бағдардағы жумыслардан ҳеш бир жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз шетте қалып кетпеўи зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң режесине муўапық, 21 түрдеги хызмет усы дәптерге киргизилген барлық ҳаял-қызларға көрсетилиўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемлер барлық ҳаял-қызларға көрсетилиўи мүмкин.
Атап өтилгениндей, кәсиплик аўқамларынан аймақларға бириктирилген жуўапкерлер орынларда ҳаял-қызларға әмелий жәрдемди муўапықластырып барады ҳәм жәрдемниң ҳақыйқыйлығын орынларға шыққан ҳалда үйренеди. Республикалық комиссия ҳәр жылы "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж ҳаяллардың 50 мыңын Ташкент ўәлаятындағы дем алыў орынларына жиберип, оларға психологиялық жәрдем көрсетиў ҳәм исбилерменлик көнликпелерине үйретиў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестиреди. Саяхат даўамында ҳаял-қызлар ушын кеўилашар мәдений илажлар өткериледи.
Видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың жоқары дәрежеде әмелге асырылыўын тәмийинлеў бағдарында республикалық комиссия ағзалары, сондай-ақ, аймақлық студиялардан қатнасқан жуўапкерлер де өз пикир-усынысларын билдирди.
"Ҳаял-қызлар дәптери" системасы шеңбериндеги ийгиликли жумыслар миллионлаған апа-қарындасларымыз ҳәм олардың шаңарақларының турмыс шараятын және де жақсылаўға, турмысына жақтылық ҳәм разылық алып кириўге қаратылғаны, бул ушын барлық жуўапкерлер бар имканиятын иске қосыўы ҳәм биргеликте жумыс алып барыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул жолда барлық жуўапкер шөлкемлерди халқымызды разы етиўдей үлкен жуўапкершилик бирлестирип турғаны атап өтилди.
Усы илаж қатнасыўшыларынан айырымларының бул бойынша пикир-усыныслары менен қызықсындық:
Алҳам САИДҚУЛОВ,
Халық банкиниң Мәҳәллебай ҳәм социаллық бағдарламаларды әмелге асырыў департаменти директоры:
- Банкимизге 410 мыңнан аслам халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў ўазыйпасы жүкленген. Олардан 150 мыңын ҳаял-қызлар қурайды. Ҳәзирги ўақытта бул ўазыйпаларды турмысқа енгизиў бойынша жумыс алып барылмақта.
Усы бағдарда бизге бириктирилген еки мыңға шамалас мәҳәлледе агентлеримиз ҳәм мәҳәлле банкирлери орынлардағы "жетилик" ағзалары ҳәм басқа да бирге ислесиўшилер менен биргеликте ислемекте. Бул бағдарда өткен жылларда қәлиплескен унамлы тәжирийбелерден нәтийжели пайдаланылмақта.
Атап айтқанда, өткен жылы "Жойбарлар фабрикасы" бойынша жумыс басланып, 250 ге шамалас бизнес реже ислеп шығылған еди. Быйыл бул бағдар даўам еттирилип, "Исбилермен ҳаял" платформасы ислеп шығылмақта. Бул платформада, тийкарынан, ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилиўи, бос жумыс орынлары жәрияланыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, усы жылы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жойбарлардың көлеми кеңейтилип, аўыл хожалығы, санаат, хызмет көрсетиўге тийкарғы итибар қаратылыўы мөлшерленбекте.
Бул жумысларды әмелге асырыў ушын банклерге жетерли дәрежеде ресурслар ажыратылмақта. Соның ишинде, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын банкимизге 35 миллион доллар муғдарында ресурс келип түсти. Бул имканияттан нәтийжели пайдалансақ, мойнымызға жүкленген ҳәр бир ўазыйпаны сапалы орынлап, халқымыз алдында да, мәмлекетимиз алдында да жүзимиз жарқын болады.
Мукаррам НУРМАТОВА,
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары:
- Ҳаял-қызларға итибар бүгин мәмлекетимиз сиясатының ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Бул бағдарда жумыс басланған дәслепки жылларда үйме-үй жүрип, ҳәр бир ҳаялдың машқалалары анықланып, мәнзилли жәрдем көрсетиў жолға қойылған еди. Жылдан-жылға бул ийгиликли жумыслардың көлеми және де кеңейип бармақта. Бул процессте жаңа система енгизилип, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге банклер тартылды.
Илажларды әмелге асырыў ушын үлкен көлемдеги қаржы ресурслары ажыратылып, кең көлемли жумыслар исленди. Нәтийжеде бир жыл даўамында орташа 580 мың ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған болса, енди бул көрсеткиш 700 мыңнан арттырылды. Бул жумыслардың нәтийжеси халқымыз, әсиресе, апа-қарындасларымыздың турмыс шараятын жақсылаў, оларды жумыслы етиў, шаңарақлардың дәраматын арттырыўда өз нәтийжесин бермекте.
Бул процессте "Ҳаял-қызлар дәптери" системасының орнын айрықша атап өтиў керек. Бул бағдардағы жумыслар 2020-жылы басланған еди. 2024-жылға шекем бул бағдарда 3,5 миллионнан аслам ҳаялдың машқалалары шешилди. Өткен жылы бир миллионға шамалас, быйыл 1 миллионнан аслам ҳаял-қыз усы дәптерге киргизилип, алты категория бойынша ҳәр бириниң машқалалары өз алдына үйренилип, шешиў илажлары көрилди.
Быйыл бул бағдардағы жумыслар және де жетилистирилип, социаллық дәптерге киргизилген ҳәр бир ҳаял-қыз бойынша индивидуал бағдарламалар дүзилди ҳәм олардың ҳәр бириниң машқаласы мәнзилли сапластырылатуғын болды.
Усы жылы еки миллион ҳаялдың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. 250 мың ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылады. Олардың жүз мыңын оқытыўға комитетимиз жуўапкер.
Ҳәзирги күнлерде бул бағдарда жуўапкер шөлкемлер менен бағдарламалар дүзилди, жәмийетшилик тийкарында штаблардың жумысы жолға қойылды. Сондай-ақ, 250 мың қыз жоқары билимлендириўге қамтып алынады. Социаллық аўыр жағдайдағы 50 мың ҳаялдың саламатландырыў орайларында дем алыўы тәмийинленеди.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы