Тараўда табысқа ерисип атырған, белгили компанияларда жумыс ислеп, жақсы дәрамат таўып атырған, программалық қолланбалары, инновациялық шешимлери арқалы глобал машқалаларды шешиўге мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызлардың көп екенлиги қуўанышлы. Тек ғана елимизде емес, ал халықаралық көлемде табысқа ерисип атырған ҳаял-қызлардың саны артып атырғаны бәршемизди, әсиресе, жасларды оғада руўхландырады, мәлимлеме технологиялары тараўында алдында болыўға ийтермелейди. Биз мине усындай ҳаял-қызлардың пикир-усыныслары менен қызықсындық.
Санлы дүньяда "ҳаял" яки "еркек" деген түсиник жоқ
Мәлимлеме технологияларына қызығыўшылығым ҳәзир ҳәмме билетуғын бағдар - санлы технологиялар белгили тараўға айланыўынан алдын басланған. Ташкент халықаралық Вестминстер университетин тамамлағанман. Мийнет жолымды Өзбекстанның ири уялы байланыс операторларынан биринде баслағанман. 2010-2011-жыллары санлы технологиялар онша раўажланбаған, қәнигелер де жетерли болмаған. Мен компанияда контент-провайдерлер менен биргеликте түрли сервислерди ислеп шығып, қысқа номер арқалы адамларға не керек екенлигин анықлаўды жолға қойдым. Сол ўақытта SMS хабар хызметине талап үлкен еди. Кейин жоқары оқыў орынларына оқыўға ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ушын имтихан жуўабын SMS арқалы алыў имканиятын жараттық. 1-августта тест тапсырған жигит-қызлар сынақ нәтийжесин билиў ушын 10-12 күн пайтахтта қалыўы ямаса үйине барып және қайтыўы зәрүр еди. Бул жойбар мине усы әўерегершилик ҳәм қыйыншылықларға шек қойған. Ҳәмме ўақытта бул ҳаққында мақтаныш пенен айтаман.
Кейин ала Уллы Британияның Global Custodian компаниясына менеджер болып жумысқа кирдим. Ол жерде HSBC, Citi, JPMorgan Chase сыяқлы дүньядағы ири банклер менен сораўнама өткеретуғын едик. Сораўнама тийкарында арнаўлы платформа арқалы банклердиң түрли сервислерине баҳа берилетуғын еди. Мениң ўазыйпасым банклерден мағлыўмат жыйнап, программистлер менен сораўнаманы таллаў еди. Биз Ташкенттен аутсорс жәмәәт сыпатында ислестик. Сонда санлы технологиялардың дүнья жүзи бойынша әҳмийети қаншелли үлкен екенин көргенмен.
Соннан кейин Advantour туризм компаниясына санлы технологиялар ҳәм контент топарын басқарыўға мирәт етилдим. Бул компания Өзбекстан ҳаққында үлкен мағлыўмат алыў мүмкин болған исенимли ресурс еди. Мен усы компанияда жумыс басладым. Жәмәәтимиз бенен бир веб-сайттың өзинде бир айда бир миллионнан аслам бет көрилиўине еристик. Қызығы сонда, Google Ads (гугл реклама) ға пул, артықша ресурс жумсамағанбыз.
Жәмәәтимиз кеңейип барды. Компанияның жаңа офислери ашылды. Жумысым соншелли қызық еди, санлы технологиялар шексиз екенин, бул инсанға шексиз имканиятлар бере алатуғынын түсиндим. Жумысымды қаттты жақсы көрип баратуғын едим. Бираз ўақыт өтип, санлы өнимлер ислеп шығарыўшы Applied Labs компаниясына бас менеджерлик жумысына мирәт етилдим. Компанияда Өзбекстанда еле жоқ болған Shopify программистлерин жетистириў жойбарларын жолға қойдық. Бул бағдарлама өзбекстанлы жаслардың АҚШ, Канада ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлердеги санлы технологиялар базарында жумыс табыўына ҳәм жоқары мийнет ҳақы алыўына себеп болды. Бизиң жәрдемимиз бенен 1,5 жылда 50 адам дүнья базарында МКТ тараўында өз жумысын тапты.
Кейин ала Plug and Play стартап компаниясы Өзбекстанға кирип келди. Оның тартымлы тәрепи стартаплар менен ислесиў еди. Себеби стартаплар жаңа инновация ҳәм идеяларға бесик ўазыйпасын атқарады. Усы бағдарда салмақлы жумыс усыныс етилгенде ҳеш иркилместен усынысты қабыл еттим. Соңғы еки жылдан берли усы компанияда бирге ислесиў бойынша менеджер сыпатында жумыс ислеп атырман. Усы ўақытқа шекем биз ерискен жумыслар ишинде FoundHER жойбары айрықша әҳмийетке ийе. Ол ҳаял-қызлардың стартапларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Жойбар шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлеринде стартапқа тийкар салған 10 ҳаял-қыз таңлап алынды. Үш айлық акселерация (бизнести раўажландырыў бойынша интенсив курс) өткеннен кейин оларды Кремний алабына және төрт күнлик интенсив оқыў ҳәм инвесторлар менен ушырасыўға алып бардық. Өзбек ҳаял-қызларының ҳәзирги потенциалы ҳәм ақылый раўажланыўын көрип, оғада қуўанышлыман. Ҳәзирги ўақытта олардың дәраматы 6-7 есеге артқан. Буны олар акселерация ҳәм Силикон ойпатына пикирлеў усылының өзгергени менен байланыстырады.
Гейде санлы технологиялар маған не берди, деп ойлайман. Жақсы көрген жумысыңыз арқалы адамлардың турмысы унамлы тәрепке өзгерип атырғанын көрсеңиз, жумысыңыздан қанаатланасыз.
Өткен жылы TechWomen жойбарына таңлап алындым. Онда 21 мәмлекеттен болажақ лидерлер 5 ҳәпте даўамында АҚШта билим алады. Мен де сол топарға қабыл етилдим. Онда "Сизлерде қәбилет бар, оны жәмийеттиң раўажланыўына бағдарлаў керек", деген идея алға қойылды. Биз - өзбекстанлы 5 қыз аутизмге ерте диагноз қойылмаўы себепли балалардың 70 проценти жәмийетке қосыла алмайтуғын машқаласын көтерип шықтық. Бул машқалаға шешим усыныс еттик. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржы - грантты қолға киргизгенимиз оғада қуўанышлы ўақыя болды.
Буны не ушын айтып атырман? Санлы технологиялар тек ғана жақсы жумыс пенен тәмийинлеп қоймастан, саяхат етиў, жоқары мийнет ҳақы алыў имканиятын береди, ал адамлардың турмысын жақсы тәрепке бурып, жәмийетке үлкен пайда келтириўи мүмкин. Аўа, бул тараў арқалы көпшиликке жәрдем бере аласыз!
Ҳәзирги ўақытта аутизм жойбары бойынша ислеп атырмыз. Келешекте бул жойбар аутизм диагнозы қойылған мыңлаған балалардың жәмийетте өз орнын табыўына жәрдем беретуғынына исенемен.
Бул жумыстан тысқары, Googleдың Women Techmakers елшисимен. Women Techmakers ўәкили сыпатында 10 нан аслам қыздан ибарат жәмәәтте ислеймен. Биз ҳәр қыйлы илажлар өткеремиз. 2023-жылы Ташкентте 400 қатнасыўшыны қамтып, үлкен илаж шөлкемлестирдик, қатнасыўшылардың 80 проценти қызлар еди. Оларға санлы технологиялар әлемине кириў ҳаққында мағлыўмат бердик.
Быйыл усындай илажларды Самарқанд ҳәм Ферғанада өткердик. Мақсетимиз - технология санаатындағы ҳәр түрлиликти қоллап-қуўатлаў. Себеби бул тараўда ҳаял-қызлардың қатнасы елеге шекем жетерли емес. Технология тек ер адамлар ушын тән, деген стереотип бар. Биз санлы дүньяда "ҳаял" ямаса "еркек" деген түсиник жоқ екенин, ол ҳәммеге туўра келетуғын бағдар екенин өзимиздиң мысалымызда көрсетиўге ҳәрекет етемиз.
Рано СИДДИҚОВА,
Plug and Play компаниясының бирге ислесиў бойынша менеджери