Қарарға бола, аймақларда тутыныўшыларды альтернатив энергия ресурсларынан пайдаланыўға өткериў ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды орнатыў арқалы 2,5 миллиард кВт саат электр энергиясын ҳәм 1,1 миллиард метр куб тәбийий газди үнемлеўге ерисиў мақсетинде төмендегилер белгиленди.
Соннан:
тутыныўшылар тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларынан пайдаланыў және қосымша 74 мыңнан аслам объектте жәми қуўатлылығы 785 МВт болған қуяш панеллерин ҳәм 9 мыңнан аслам 1,2 миллион литрли қуяш коллекторларын орнатыў есабынан 1,6 миллиард кВт саат электр энергиясын үнемлеў;
халқы социаллық жақтан аўыр жағдайда болған 300 мәҳәлледе қуўатлылығы 100 МВт дан аслам киши қуўатлылықтағы фотоэлектр станцияларын қурыў есабынан 45 миллион метр куб тәбийий газди үнемлеў;
бюджет шөлкемлеринде энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланыўды кеңейтиў есабынан 39 миллион метр куб тәбийий газди үнемлеў.
2025-жылы "Жасыл экономика"ға өтиўди жеделлестириў шеңберинде қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын орнатыў, тутыныўшыларды альтернатив энергияға өткериў, энергия үнемлеўши ҳәм нәтийжели технологияларды енгизиў бағдарламасы тастыйықланады.
2025-жыл 1-майға шекем Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны үнемлеў қорының "Жасыл жеңиллик" мәлимлеме системасы бирге ислесиўши коммерциялық банклердиң тийисли мәлимлеме бағдарламалары менен интеграцияланады.