21 Apr 2025
11:36

    Мийўе-овош өнимлерин реализациялаўға шығаратуғын айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

    "Аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-136-санлы, 08.04.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын арттырыў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

    - 2025-жылы мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин жәми 3,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

    - 2025-жылдың ақырына шекем 8 мәмлекетке жаңа 30 түрдеги өнимлерди экспорт етиў ушын фитосанитариялық рухсатнамаларды алыў;

    - перспективалы базарларға 2025-жылы 442 миллион АҚШ доллары, 2026-жылы 575 миллион АҚШ доллары муғдарындағы мийўе-овош өнимлериниң экспортын тәмийинлеў;

    - 2025-жылы аймақларда жәми 2,1 миллион тонна мийўе-овош өнимлери ушын қадақлар ислеп шығарыў бойынша 40,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў.

    2028-жыл 1-январьға шекем мийўе-овош өнимлерин заманагөй қадақларда реализациялайтуғын ҳәм төмендеги барлық шәртлерге бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өз хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын социаллық салық ставкалары 1 процент етип белгиленеди:

    - ҳәр айда ҳәр бир хызметкерге мийнет ҳақы муғдары мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2 есесинен кем болмаған муғдарда есапланғанында;

    - салық дәўиринде заманагөй қадақланған мийўе-овош өнимлерин реализациялаўдан түскен улыўма түсим жәми товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматтың кеминде 50 процентин қурағанда;

    2027-жыл 1-апрельге шекем собықлы өнимлерди егиў, жыйнаў ҳәм сайлап алыў үскенелериниң импорты ушын бажыхана бажысының 1 процентлик ставкасы қолланылады.

    Қарарға муўапық, улыўма жер майданы 5 гектардан кем болмаған аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен өзлерине қараслы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң атыз шетлеринде ишки хожалық жер дүзиў жойбарына муўапық жәми жер майданының 1 процентине, бирақ 20 сотихтан көп болмаған өлшемде жер участкасынан рухсат етилген пайдаланыўдың тийкарғы түрине сәйкес болған музлатқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, кептириў, қайта ислеў, қадақлаў, суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм суў сақлаў объектлерин қурыўға рухсат етиледи.

    2025-2026-жылларда мийўе-овош өнимлерин халықтың қыйтақ жерлеринен, дийқан ҳәм фермер хожалықларынан жыйнап, таңлап, заманагөй қадақлап шәртнама тийкарында реализация еткен аўыл хожалығы кооперативлерине қадақлаў қәрежетлериниң 25 проценти, бирақ ҳәр бир қадақ ушын 3 мың сумнан көп болмаған муғдарда қаплап бериледи. Бунда:

    - аўыл хожалығы кооперативлериниң мийўе-овош өнимлерин жыйнаўшы ҳәм таярлаўшы ағзалары өнимлерди сапалы таярлаў ҳәм экспортқа шығарыў бойынша “Edukarantin.uz” мәлимлеме системасы арқалы оқып, сертификатқа ийе болыўы керек;

    - сертификатқа ийе болған аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм олардың ағзаларының “Agrokoʻmakchi” мобиль қосымшасында "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категориялар бойынша рейтинг системасы жүргизиледи.

    Буннан тысқары, мийўе-овош өнимлериниң экспортын нәтийжели шөлкемлестириў, сапалы транспорт-логистика (автомобиль, темир жол ҳәм авиа тасыў) хызметлерин көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде “E-logistika” платформасында экспортёр ҳәм тасыўшы кәрханалардың тиккелей ислеў имканияты тәмийинленеди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech