Ферғана ўәлаятын раўажландырыў имканиятлары талланды

    Ҳүкимет 3 желтоқсан 2024 802

    Президент Шавкат Мирзиёев 3-декабрь күни Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

    Аймақлар экономикасына итибар нәтийжесинде Ферғанада да имканиятлар жүзеге шықпақта. Кейинги 7 жылда санаат кәрханалары дерлик 3 есеге көбейип, 13 мыңға жеткен. Инвестициялық жойбарлар нәтийжесинде 116 мың жумыс орны жаратылған.

    Мәмлекетимиз басшысының быйыл июль айындағы сапары экономиканың раўажланыўына жаңа пәт бағышлады. Усы жылдың 10 айында сырт ел инвестицияларының көлеми 1,5 миллиард долларды, экспорт көрсеткиши 910 миллион долларды қурады.

    Енди буны келеси жылы да даўам еттирип, инвестиция, жумыс орны ҳәм экспортты көбейтиў зәрүр. Мәжилисте Президент бул бағдардағы имканиятлардан айырымларын көрсетип өтти.

    Жақында "Қоқанд" еркин экономикалық зонасы Қувасай қаласы есабынан 210 гектарға кеңейтилди. Бул аймақта улыўма баҳасы 1 миллиард долларлық 185 жойбарды жайластырып, дерлик 12 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин. Сондай-ақ, Қоқандта 71 гектарда технопарк шөлкемлестирилиўи биринши басқышта 900 миллион долларлық, 5 мың жумысшы кәрханаларға жол ашады.

    Қытайлы исбилерменлер менен 1 миллиард долларлық, Қубла Корея менен 240 миллион долларлық инвестициялық келисимлерге ерисилген. Оларды әмелге асырыў ушын ўәлаяттың район ҳәм қалаларында 1 мың 210 гектарда санаат зоналарын шөлкемлестириў зәрүрлиги бар. Болажақ кәрханаларда 30 мың адам, соның ишинде, кәмбағал шаңарақ ўәкиллери жумыс пенен тәмийинленеди.

    Бешарық районында саўда-логистика орайының қурылысы басланған. Ол, тап Термиздегидей, еркин саўда зонасына айландырылып, дүканлар исбилерменлерге ижараға бериледи. Буның нәтийжесинде ўәлаяттың экспорты қосымша 50 миллион долларға, жумыс орынлары болса 2 мыңға көбейеди. Сондай комплексти Қувасай қаласында да қурыў мүмкин.

    Аўыл хожалығында да үлкен имканиятлар бар. Ферғанада халықтың ықтыярында, жол ҳәм атыз шетлеринде, суў ҳәм тоғай фондында жәми 91 мың гектар жер бар. Олардан өнимли пайдаланып, өнимлерди ҳәм қайта ислеўди көбейтиў зәрүр.

    Мәселен, Ферғана районындағы 15 мәҳәлледе жылына 6 мың тонна малина жетистириледи. Оларға жақын аймақтан жер берилсе, исбилермен малинаны сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаўды жолға қойып, қосымша қунды 2,5 есеге арттырыў усынысын билдирген. Басқа бир интакер Сохтадағы тоғай жерин ижараға алып, 800 гектарда геўрек, 50 гектарда зафаран жетистириўди мақсет етпекте.

    Алтыарықтағы еки насос станциясына 9 километр қубыр тартып, қуўатлылығын арттырыў арқалы 1 мың 400 гектарда интенсив бағ жаратыў мүмкин. Онда қосымша 55 мың тонна экспортқа қолайлы мийўе жетистириледи.

    Мәжилисте Ферғана ўәлаяты ҳәкими усындай имканиятларды иске қосыў бойынша режелерин таныстырды. Атап айтқанда, келеси жылы 3,7 миллиард доллар инвестиция алып келиў, экспортты 1,5 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. 500 мың пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў, 22 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпа етип алынған.

    Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды жетилистирип, ўәлаят экономикасын раўажландырыў бойынша қарар таярлаўға көрсетпе берди. Экспорт етиўшилерге барлық қолайлықларды жаратыў, бәнтликке жәрдем берип, жумыссызлықты азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәкимлер ҳәм басқа да жуўапкерлердиң бул бағдардағы жуўапкершилигин арттырыў шәрт екенлиги белгиленди.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates