Түркменстанға әмелий сапар жуўмақланды
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ашхабад қаласына әмелий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни Ашхабад қаласында Түркменстан турақлы бийтәреплигиниң 30 жыллығы, Халықаралық бийтәреплик күни ҳәм 2025-жылдың "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы" деп жәрияланыўына бағышланған халықаралық форумда қатнасты.
Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы, қәдирли туўысқаным, ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовқа шын жүректен қабыллағаны ҳәм бүгинги форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

