Жаңаланған Конституциямызда белгилеп қойылған дүньялық мәмлекет принципи түрли дин ҳәм секталар арасындағы кеңпейилликке тийкарланған өз-ара түсинип жасаў тәризи, дин ҳәм исеним еркинлиги, социаллық теңлик, тынышлық ҳәм турақлылықты қәстерлеп сақлаў ушын әҳмийетли ҳуқықый кепиллик болып есапланады.

Өзбекстан - көп миллетли мәмлекет. Ҳәр бир миллеттиң өз тили, дини, исеними, қәдириятлары, дәстүрлери бар. Бул руўхий факторлардың әмел етиўи миллетлер аралық татыўлықтың әҳмийетли шәртлеринен бири есапланады. Мәмлекетте түрли миллет ўәкиллериниң бар екенлиги әзелден оған өзине тән тәбийий рәң-бәреңлик бағышлап келген.

Елимизде халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып киятырған миллетлераралық татыўлыққа мәмлекет алып барып атырған системалы сиясаттың өними сыпатында қараў керек. Бул идея ҳәм улыўма инсаныйлық принцип жаңа редакциядағы Конституцияның тийисли статьяларында да өз көринисин тапты. Соның ишинде, Бас нызамда "Өзбекстан Республикасы өз аймағында жасайтуғын барлық миллет ҳәм халықлардың тиллери, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин тәмийинлейди, олардың раўажланыўы ушын шараят жаратады", "Өзбекстан халқын, миллети қандай болыўына қарамастан, Өзбекстан Республикасының пуқаралары қурайды", деген нормалар беккемлеп қойылды.

Миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў мәмлекетимиздиң заманагөй мәмлекет сыпатында раўажланыў стратегиясының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында миллетлераралық қатнасықлар тараўында белгиленген ўазыйпалар шеңберинде 40 тан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Сондай-ақ, 2019-жыл 15-ноябрьде Миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясының қабыл етилиўи миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларын жаңа басқышқа көтерди.

Концепция миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға тийкар жаратты. Оған бола, бул бағдарда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында конструктивлик ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған қатнасықларды қәлиплестириў бойынша жаңа система енгизилди, яғный Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети шөлкемлестирилди.

Комитет миллетлераралық татыўлық, дослық ҳәм аўызбиршилик принциплерин белгилеў, миллетлераралық қатнасықлар мәдениятын раўажландырыўға қаратылған жәмийетлик басламаларды қоллап-қуўатлаў, муўапықластырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы илажларды әмелге асырады.

2021-жылы Мәмлекетимизде 30-июль Халықлар дослығы күни етип белгилеў ҳаққында нызам қабыл етилди. Миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан жергиликли ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилердиң мийнетин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде 2021-жыл 1-июньде "Халықлар дослығы" көкирек белгиси шөлкемлестирилди.

Ҳүкиметтиң 2023-жыл сентябрьдеги қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген "Диний кеңпейиллик" көкирек белгиси диний-ағартыўшылық тараўының нәтийжелилигин арттырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерин хошаметлеў имканиятын береди.

Халықтың көп миллетли болыўына социаллық-экономикалық раўажланыўдың қолайлы факторы сыпатында қаралады. Социаллық ҳәм экономикалық турақлылықты сақлаў, динлераралық ҳәм миллетлераралық қатнасықларды үйлестириў есабынан мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы артып бармақта.

2018-жылы БМШ Бас Ассамблеясында қабыл етилген "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" резолюциясына муўапық, Өзбекстан жетекшиси усынысына тийкарланып ҳәр жылы 16-ноябрь - Халықаралық кеңпейиллик күнине бағышлап елимизде өткерилип атырған "Кеңпейиллик ҳәптелиги" халықлар арасындағы дослықтың және де беккемлениўин тәмийинлемекте.

Ҳәрекетлер стратегиясының логикалық даўамы - 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында да миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, стратегиядағы мақсетлерден бири жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейиллик орталығын беккемлеў бағдарындағы тийисли ўазыйпаларды өз ишине алған.

Кейинги жылларда миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў бағдарындағы басламалар тийкарында бийбаҳа система жаратылып, жаңа Өзбекстандағы түпкиликли реформалар нәтийжесинде қоңсы мәмлекетлер менен дослық байланыслар қайта тикленип, әзелий байланыслардың беккемлениўи халқымыздың тилек-нийетлери, арзыў-әрманларын өзинде сәўлелендирмекте. Бул бағдарда Орайлық Азия регионының халықларын усы аймақта жасаған уллы ойшыллардың бай мийрасын қайта жанландырыў арқалы бирлестириўге үлкен итибар қаратылмақта. Кеңпейиллик сиясаты Өзбекстанның дүнья мәмлекетлери менен бирге ислесиўинде де әҳмийетли буўын есапланады.

Республикада жасап атырған халықлардың дослығын, миллий сезимлерин, мәдений дәстүрлерди шын кеўилден ҳүрмет етиў тийкарында олар арасындағы аўызбиршилик ҳәм исенимди үгит-нәсиятлаў, миллетлераралық қатнасықларды үйлестириўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў кеңпейиллик принципиниң айқын үлгиси есапланады.

Тутқын бериўди қәлемей атырған қәўип

Миллетлер аралық кеңпейиллик, миллетлер аралық қатнасықлар мәмлекет аймағында жасайтуғын миллетлер ҳәм халықлар арасында, жәмийет турмысының барлық тараўларын қамтып алады. Бул улыўмаинсаныйлық қәдирият түрли халықлар бирге жасайтуғын регион ҳәм мәмлекетлердиң миллий раўажланыўын белгилейди, тынышлық ҳәм турақлылықтың кепили болып хызмет етеди.

Заманагөй дүньяда ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлердиң артып барыўы, геосиясий соқлығысыў ҳәм анықсызлықлардың жүзеге келиўи миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў мәселесин және де әҳмийетли етпекте. Өткен әсирдиң 80-жылларының ақырында бурынғы аўқам аймағында миллий келиспеўшиликлер ҳәўиж алғанын көпшилик орта әўлад ўәкиллери жақсы еслейди. Сол ўақытлары халықларды бир-бирине гижгижлеў, олар арасында жәнжел шығарыў, бузғыншылықты мақсет еткен ҳәрекетлер ашық-айдын әмелге асырылған. Ким, қай жерде, қандай жол тутып атырғаны ҳәммеге белгили еди. Бирақ, бул ҳәрекет соншелли ғалабалық түс алды, оны тоқтатыў мүмкин болмай қалды. Бундай ғәрезли мақсетли күшлер, нийети бузық бузғыншы адамлар ҳәзир жоқ дейсиз. Бар, тек ғана мәселеге қатнасы, ҳәрекет усыллары өзгерген.

Бүгин алдынғы технологиялар олардың қуралына айланған. Интернет, мобил байланыс қураллары арқалы шөлкемлестирилип атырған мәлимлеме ҳүжимлери, социаллық тармақлар арқалы әсте тәсир етиўши шығыўлар, инсан, әсиресе, жаслардың санасын зәҳәрлеўге қаратылған СМС хабарлар ҳәм постлар, бизге демократия нықапы астында кирип атырған илимий-ғалабалық, ҳүжжетли ҳәм көркем форматтағы фильм-сериаллар, көркем шығармалар мине сол ғәрезли күшлердиң заманагөй көриниси. Бул қәўип болса мудамы усланып қалмаўға умтылады. Демократия ҳәм оның мақсети не екенлиги, ол қандай болыўы керек екенлиги мәселеси болса өз алдына тема.

Усындай қыйын жағдайда Өзбекстанда алып барылып атырған сиясат, сергекликке шақырыў, жоқары минберлерде турып айтылып атырған пикирлер ҳәм көрилип атырған әмелий илажлар тийкарында халқымызды ҳәр қыйлы апатшылықлардан сақлаў, миллетлерара татыўлыққа, кеңпейилликке зыян жеткермеў, тыныш-татыў турмысты тәмийинлеў мақсети жәм болған.

Усы жерде және бир пикир. Бираз ўақыт бурын Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы медиа өнимлерди руўхый экспертизадан өткериў зәрүрлиги бойынша қатаң усынысты алға қойды. Мәселениң мазмунын толық түсинип жетпеген айырым сайтлар, социаллық тармақлар ҳәм блогерлер усыныс бойынша сын пикирлерди, соның ишинде, "бул цензура, сөз ҳәм дөретиўшилик еркинлигине қәўип", "бул экспертиза әдеп-икрамлылық пердеси қорғаўшысы ма ямаса медиа майданы қадағалаўшысы ма" сыяқлы пикирлерди ортаға таслады.

- Социаллық тармақларда усынылып атырған видеоматериалларды көрип, олар ул-қызларымыз, перзентлеримиздиң тәрбиясына қандай тәсир ететуғынын ойлап қаласыз, - дейди Журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов. - Усы мәнисте социаллық тармақларда интернет басылымларында жәрияланып атырған материалларды руўхый экспертизадан өткериў дурыс болады. Автоаварияларда жүз берген процесслер, адамлардың шала жансар болып жатыўы, 10 қабатлы имараттан өзин таслаўы, өз жанына қастыянлық ететуғын ямаса өзин-өзи жағып жиберетуғын ҳаял-қызлардың көринислерин социаллық тармақларға жайластырыў жасларымызға ҳәм кең жәмийетшиликке унамсыз тәсир етеди. Оларды қадағалаў керек. Буның сөз еркинлигиниң буўылыўына ҳеш қандай байланысы жоқ.

Адамларымыз мәмлекетлик телеканалларға қарағанда жеке меншик телеканалларды көбирек тамашалайды. Олар гейде пайдалы мағлыўмат пенен емес, ал көркемлик дәрежеси төмен, мазмуны сайыз сериаллар, шоуменлердиң жағымсыз қылықлары ҳәм мәниссиз кеўил ашар шоу-бағдарламалар, уятсыз, жеңил-желпи қосықлар, шаўқымлы жаңалықлар менен адамларды өзине тартпақта. Олардың көпшилик көрсетиўлери инсанның санасы, руўхы, дүньяқарасы, мәнаўиятына, жаслар тәрбиясына унамсыз тәсир етиўши мәлимлеме - руўхый зәҳәр болып есапланады.

Медиаөним жаратыў ҳәм тарқатыў қағыйдаларын заман талаплары, турмыс ҳақыйқатлықлары, саламат мәлимлеме ҳәм руўхый орталық жаратыў зәрүрлигинен келип шығып жетилистириў, нызамларымызға тийисли өзгерислер киргизиў ҳәм бул бағдарда нызам талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў - турмыслық зәрүрлик.

Бизлер бир пүтинбиз

Мәмлекетимиздеги кең көлемли реформалардың орайында, бәринен бурын, инсан мәпи, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мақсети турған екен, пуқаралардың мәплерин тек ғана тынышлық ҳәм парахатшылық, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын жаратыў арқалы тәмийинлеў мүмкин екенлиги барған сайын анық болып бармақта.

Өзбек жеринде жасап атырған барлық миллет ўәкиллери өз потенциалын толық әмелге асырыўы, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын конституциялық кепилликлер белгиленген. Онда, бәринен бурын, пуқаралардың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм жәмийетлик статусына қарамастан, тең ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызам алдында теңлигин тәмийинлеў айрықша итибарға алынған.

Өзбекстан әййемнен ҳәр қыйлы миллет ҳәм дин ўәкиллери тыныш ҳәм еркин жасап, өз диний мәресимлерин еркин орынлап атырған кеңпейил мәмлекет сыпатында қәдирленеди. Елимизде бул бағдарда алып барылып атырған избе-из сиясат халқымыз, дүнья жәмийтетшилиги тәрепинен ҳақылы түрде тән алынбақта.

Бәҳәр айларында көп қабатлы турақ жайымыздағы квартираларының бирине жаңа қоңсы көшип келди. Кешки ўақытта жумыстан кайтып киятырғанымда, үш-төрт жалланба жәрдемшиси менен жүклерин тасып кирип киятырған екен. Ишке кирип баратырып, оларға қарап әдеттегидей "ҳармаңлар!" дедим.

- Ассалаўма алейкум, бар болың, - деген жуўапты еситип, таққа тоқтадым. Себеби, миллетлеслеримиз болған жәрдемшилер арасында миллети корейс екенлиги түсинилип турған өзимдей жастағы ер адамның сап өзбек тилинде ҳәм қәдириятларымызға тән тәризде берген жуўабынан ҳайран қалдым.

- Жақсы жайласып алдыңыз ба? Сиз таза қоңсы болсаңыз керек?

- Аўа, рахмет. Несийбемиз қосылған екен, мине сизлерге қоңсы болып атырмыз. Қоңсышылық - мың жыллық. Аға-ини болып кетемиз. Биз 3-қабатқа көшип келип атырмыз. Сиз қайсы қабатта турасыз?

Бул гәплер енди бурынғыдан да бетер албырататуғын дәрежеде еди. "Сыртқы көриниси басқа миллетке уқсап, өзи болса өзбек пе екен," деген ой дәрҳал қыялымнан өтти. Таныстық, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы бул жигиттиң аты Арувар екен, "бирақ ҳәмме сыяқлы Анвар деп айта бересиз," деп қосып қойды.

Анвар сәлем-алиги орнында, мүнәсибетлери өзбек тилинде болғаны ушын қоңсылар менен тез араласып кетти. Ҳәттеки, үйине 10 ға шамалас адамды шақырып, танысыў мәресими өткерди, дастурханын өзбекше безеп, миллий тағамларымыздан тартты. Той-мәресимлерге белсене қатнасады, азанғы аўқатларға бизлерге қосылып шығады, "не хызмет бар," деп қолы бәрқулла көксинде.

- Өзбек жеринде туўылып, адамлардан тек ғана жақсылықты көрип камалға келдим. Турмыста өз орнымды табыўда бир мәрте болса да миллет айырыў, кемситиў сыяқлы жағдайларға дус келмедим. Досларым, танысларым, кәсиплеслерим арасында өзимди жат сезбеймен - бизлер бир пүтинбиз. Не ушын бул адамлар сөйлесетуғын, мен ушын да ана тили дәрежесиндеги тилди ҳүрмет етпеўим керек. Мен көрген жақсылықларымды ҳеш қашан умытпайман, - дейди өзимиздиң Анваржан.

Бундай ўатанласларымыз ҳәр бир мәҳәлле, гүзар, массивлерде көплеп табылады. Бул да дүньялық мәмлекетте миллети, тили, исенимине қарамастан, барлық пуқаралар тең ҳәм олар ушын бирдей шараят жаратылыўына белги болады.

Жақсылық нур келтиреди, жаманлық - қараңғылық, деген ҳикмет бар. Жақсылықтың дийўалы беккем болады. Елимиздеги миллетлераралық ҳәм мәмлекетлераралық татыўлық, кеңпейиллик әтирапында қурылған дослық ҳәм аўызбиршилик қорғаны жақсылықлардың мине усы беккем тырнағына сүйенеди.

Нодир МАҲМУДОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы