Пәрманға бола, көшпес мүлк объектлериниң базар баҳасына жақын болған баҳасын анықлаўдың заманагөй усылларын ҳәм механизмлерин енгизиў ҳәм кеңнен қолланыў, халық ҳәм исбилерменлердиң экономикалық активлериниң өсиўи ушын қолайлы шараят жаратыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
республикадағы бар 8 миллионнан аслам турақ жай ҳәм турақ жай емес жайлар, 7 миллионға шамалас жер участкаларының экономикалық актив сыпатындағы баҳасын анықлаў;
көшпес мүлк объектиниң салық салыў, алды-сатты, гиреўге қойыў, жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў ҳәм басқа жағдайлар ушын анықланатуғын баҳасының өз-ара теңдей болыўын тәмийинлеў;
көшпес мүлк базарына тийисли исенимли, толық ҳәм дәўирлик түрде жаңаланып баратуғын мәлимлеме базасын жаратыў;
салық салыўда әдиллик принципин және де кеңнен енгизиў.
2025-жылдан баслап басқышпа-басқыш барлық көшпес мүлк объектлери олардың базар баҳасына жақын болған баҳасын анықлаў мақсетинде дәўирлик түрде ғалабалық баҳалаўдан өткериледи.
Ғалаба баҳалаў жумыслары төмендеги басқышларда әмелге асырылады:
2025-2026-жылларда - эксперимент сыпатында Ташкент қаласында;
2026-2027-жылларда - Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларында;
2027-жыл ҳәм оннан кейинги жылларда - қалған аймақларда.