Теберик орынлар абат етиледи
Президент Шавкат Мирзиёев 22-март күни Самарқандқа барып, Имам Бухарий мақбарасын зыярат етти. Қуран оқылып, пәтия етилди.
Тынышлықты сүйиўши ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат себепли Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы күн сайын артып атырғаны айрықша атап өтилип, Жаңа Өзбекстанға раўажланыў тилеклери билдирилген.
Ташкент қаласындағы "Жаңа Өзбекстан" паркинде 21-март күни Наўрыз салтанаты болып өтти. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, халқымызды байрам менен қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-51-санлы, 19.03.2025 ж.) қабыл етилди.