Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжан бирге ислесиў форматын пүткиллей жаңа басқышқа көтереди
Усы жылдың 28-29-январь күнлери Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов әмелий сапар менен Түркия Республикасында болып, Анкара қаласында болып өткен Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжан Сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң мәжилиси ҳәм үш тәреплеме бизнес-форумында қатнасты.