Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бағдарлама "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, халқымыздың абаданлығына ерисиў, "жасыл экономика" принциплерине тийкарланған экономикалық өсиў, экологиялық жағдайды жақсылаў, суў ҳәм басқа да тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли болып есапланады.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетимизде экологиялық турақлылыққа ерисиў, "жасыл экономика"ға өтиў, тармақ ҳәм тараўлардың үйлесимли "жасыл трансформациясын" әмелге асырыў, ықлым өзгериўине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў және халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўдиң жаңа, "жасыл раўажланыў" моделине өтиў бойынша көплеген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, экологиялық жағдайды турақластырыўға қаратылған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егиў ҳәм республикада жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў, 1 984 жасыл бағлар қурыў, 112 ири санаат кәрханасы тәрепинен өз ҳәм тутас аймақларда үш жыл даўамында 30 миллион түп нәлден ибарат "жасыл белбеўлер" қурыў нәзерде тутылған.
Республикада экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў, инсан өмирине тәсир етип атырған экологиялық машқалаларды сапластырыў мақсетинде 14 аймақта экологиялық таза аймақ режимин енгизиў белгиленбекте.
"Жасыл энергия" технологияларын кеңнен енгизиў шеңберинде насос станцияларының электр энергиясын жумсалыўын азайтыў, энергия үнемлеўши қурылмалар орнатыў, насос станцияларын модернизациялаў, олардың жыллық электр энергиясын жумсалыўын 30 процентке азайтыў нәзерде тутылмақта.
Республикада тоғай менен қапланған майданларды 6,1 миллион гектарға, Аралбойы регионындағы тоғайлықларды 2,3 миллион гектарға жеткериў және биологиялық ҳәр түрлиликти исенимли сақлаўды тәмийинлеў мақсетинде 2 миллион гектар көлемде тәбийий жайлаўлар ҳәм пишензарлар өсимликлерин геоботаникалық тексериўди әмелге асырыў белгиленбекте.
Атмосфераға шығарылып атырған патасландырыўшы элементлердиң муғдарын 10,5 процентке азайтыў және 249 санаат кәрханасында локал ақаба тазалаў объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген.
Сенаторлар тәрепинен бүгинги күнде пүткил дүньяда әҳмийетли болып атырған суў жетиспеўшилигиниң алдын алыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын ҳәм суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бағдарында бағдарлама жойбарында белгиленген ўазыйпалардың әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынған жерлердиң улыўма майданын 2 миллион гектарға шекем ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалардың жыллық қуўатлылығын 300 мың гектарға жеткериў нәзерде тутылған, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Қызғын додалаў процесинде сенаторлар, экспертлер ҳәм қәнигелер тәрепинен Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына бир қатар усыныслар билдирилди.