Бирақ тисимди тисиме қойдым. Бир тәрептен, бул ҳаққында өз ўақтында хабардар болғанымнан тынышландым. Бул ҳаққында кейинирек толық тоқтап өтемиз...

Усы жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада саламат турмыс тәризин раўажландырыў мақсетинде ғалабалық спорт жарысларында халықтың қамтып алыўын кеңейтиў ўазыйпасы нәзерде тутылған. Оған бола, ғалабалық спорт жарысларының қамтып алыўы 12 миллионға жеткериледи. Оның ушын мәҳәллелерде жасайтуғын халық, атап айтқанда, жаслар арасында ғалабалық спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў, ғалабалық спорт жарысларын мәҳәлле жаслары, мектеп, кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириўдиң оқыўшы-студентлери, мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлери және 31-45 жастағы халық арасында шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.

Усы жерде сораў туўылады. Мәмлекетти социаллық-экономикалық, улыўма, комплексли раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли ҳүжжет, мәмлекетлик бағдарламада неге әйне спортты үгит-нәсиятлаўға кең орын ажыратылған? Әпиўайы халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятламаса да ҳәр бир пуқара өзи ушын бул жумысларды орынласа болмай ма? Мениңше, спортты мәмлекетлик бағдарлама дәрежесинде ғалаба ен жайдырыўдың еки әҳмийетли себеби бар.

Бириншиси, физикалық жақтан саламат әўладты тәрбиялаў. Егер спорттың үгит-нәсиятланыўы жедел алып барылмаса, өз ҳалына таслап қойылса, көпшилигимиз спорт пенен шуғылланыўға дерлик бийпарўа қараймыз ямаса умтылмаймыз. Оған турмыслық мысаллар көп.

Мәселен, ҳәзир артықша салмақ мәселеси көпшиликти тәшўишке салмақта. Себеби көпшилигимиз спорт пенен шуғылланбаймыз. Дурыс аўқатланыў ҳаққында болса ойланбаймыз. Медицина хызметкерлериниң айтыўынша, бундай жағдайда адам ҳәлсизлик, жалқаўлық кейпиятынан қутыла алмайды. Сол себепли, жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлерге бул ўазыйпа жүкленбекте. Мақсет - жәмийетте саламат, жетик инсанлар қатарын кеңейтиў, халықтың саламатлығын тәмийинлеў арқалы дәри-дәрмаққа жумсап атырған қәрежетлеримизди үнемлеў.

Әййемги әпсаналарда қаҳарманлар жетик шахс сыпатында сүўретленген. Мине усы жетилискенликтиң тийкарғы сыпатларынан бири сыпатында қаҳаман физикалық жақтан басқалардан үстин екенлиги көрсетиледи. Буны "Алпамыс"та да, "Одиссея" яки "Маҳабҳорат"та да көриўимиз мүмкин. Бул эпослардың қаҳарманлары илим-ағартыўшылық пенен бирге физикалық шынығыўларды да пуқта өзлестирген. Олардың барлығы бала ўақтында-ақ физикалық шынығыўларға үйретилген. Соның өзи де үлкен мәмлекетшиликке ийе үлкелер бәрқулла дене тәрбиясына үлкен итибар бергенлигин көрсетеди. Қаҳарманлардың шексиз физикалық күшке ийе екенлигине итибар қаратыў арқалы шаңарағын, ўатанын қорғаўға уқыплы шахстың көриниси жаратылған.

Тарийхқа қарап, адамлар, мәкан ҳәм заман ҳәр түрли көриниске киргенлигин, бирақ турмыс нызамлары өзгериссиз қалатуғынын түсинесиз. Яғный барлық дәўирлерде мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан жетик шахсларға байланыслы екенин көресиз. Бүгин дүнья көриниси, жекке ҳәкимшилик кейпиятындағы күшлердиң ҳақыйқый жүзин ақыллы адамлар әлле қашан түсинип болған. Бундай ўақытта жәмийеттиң аўызбиршилиги, қоңсы мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары шешиўши күшке ийе болады.

Мәмлекетлик бағдарламада жаслар, улыўма, халықты спортқа кеңнен тартыў арқалы мине усындай саламат, елдиң абырайын қорғай алатуғын әўладты камалға келтириў мақсет етилген. Физикалық жақтан шыныққан, саламат денемиз болса ағартыўшылық, илимге қарай кең жол ашады. Даналарымыз бийкарға "Саламат денеде саламат ақыл", деген емес ғой.

Екинши тәрепи, спорт жәмәәт болыўды, тилеклесликти үйретеди. Ҳәтте спорттың жеке гүрес түрлери де! Буны артықша тәрийплеў шәрт емес. Тек ғана 2024-жылы Парижде болып өткен жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларын еслеўдиң өзи жеткиликли. Сонда тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил регионымыз - Орайлық Азия халықлары бирдей болып, спортшыларымыздың табысынан қуўандық. Бир-биримизди қоллап-қуўатладық. Бирге ислесиўдиң, татыўлықтың турмыстағы көринисин көрдик.

Абдуқодир Ҳусановтың дүньядағы жетекши футбол командаларынан бирине өтиўи де тап усындай кейпият берди. Бул гәплерди жазып атырғанымда медиа дүньямызда және бир қуўанышлы жаңалық пайда болды. “Judo Awards 2024” халықаралық таңлаўында Диёра Келдиёрованың Париждеги Олимпиадада япониялы Ута Абэни жеңгени "Жылдың ўақыясы" деп табылған. Оның устазы Марко Шпитка болса ҳаял-қызлар сайланды командалары арасында ең жақсы тренер жетискенлигин қолға киргизген.

Ли Куан Ю "Үшинши дүньядан биринши дүньяға" китабында былай жазады: "Егер Сингапур ерискен табысты бир сөз бенен тәриплеў керек болса, бул сөзди "исеним" деп атаған болар едим".

Парижде өткен жарыслар да, Абдуқодир Ҳусановтың нәтийжеси де жәмийетимизде мине усындай исеним кейпиятын оятқаны дурыс. Тәкирар болса да айтамыз, өткен жылдың жазында Парижде болып өткен жарыслар Орайлық Азия руўхы оянғанын көрсетти. Абдуқодирдиң "Манчестер Сити" футбол клубына өтиўи болса буны және бир мәрте тастыйықлады. Туўысқан халықларымыз оны қоллап-қуўатлады, қазақ ақынлары спортшыларымызға арнап қосық айтты. Жәмийетимизде жаслардың келешеги, өзгерислерге исеним және де беккемленди.

Буны социаллық тармақлардағы пикирлерден де көриўимиз мүмкин. Бир ғана мысал, жазыўшы, биолог илимпаз Бахтиёр Абдиғафур өзиниң бетинде былай деп жазады: "Абдуқодир феномени" жолымыздағы айрықша басқыш. Олимпиадаларда бир ўақыя избе-из жарқ еткен еди. Бул жерде бир әҳмийетли тәрепи бар: "үлкен" болып атырмыз! Еле Абдиқодирге усаған "феноменлер" ҳәр тараўда жарқырайды, илимде, әдебиятта, экономикада       ...

Исениң, көп нәрсеге уқыплымыз. Және де "үлкен" боламыз!".

Мине, усы үлкен болыў жолындағы бир басқыш мәҳәллелерде, уйымлар ҳәм шөлкемлер жәмәәтлеринде спортты раўажландырыў болып есапланады. Көз алдыңызға келтириң, ҳәр бир жас шаңарақ мәҳәллесинде спорт пенен турақлы шуғылланса, көшелер, районлар кесиминде спорт жәмәәтлери қәлиплессе, қандай көринис пайда болады? Бәринен бурын физикалық жақтан саламат, кейин руўхый жақтан тыныш - шаңарағы, мәҳәлле ҳәм районы, ўатанының абырайы ушын гүресетуғын татыў жәмийет және де беккемленеди. Жоқарыда спортты раўажландырыўдың еки себеби бар екенлигин айтқан едик. Мине усы еки тәрептиң улыўмалық көриниси ўатансүйиўшилик!

Соның ушын, ғалабалық спорт илажлары дегенде тек ғана физикалық саламатлық пенен шекленип пикир билдиргим келмейди. Буны ата-бабаларымыз жүдә жақсы түсинген. Үлкен сейиллер, әҳмийетли сәнелер баҳасы менен үлкен жарыслар шөлкемлестирген. Балалар шүллик, асық, арқан тартыў, гүрес сыяқлы ойынлар ойнаған. Үлкенлер ылақ ҳәм гүрес сыяқлы жарысларда қатнасқан.

Бул жарыслар себепли жәмийеттеги күшли жигитлер таңлап барып келген. Әпиўайы адамлар жаў келген ўақытта сол палаўанлар ўатан қорғаў ушын алдынғы қатарда туратуғынын билген, исенген. Соннан келип шығып айтсақ, спорт қайсы бир мәнисте ўатансүйиўшилик идеологиясы да болып табылады. Ақыры мәмлекетлик бағдарламада спортты раўажландырыў ҳәм жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалар бийкарға избе-из жазылған емес!

Мәмлекетлик бағдарламада жәмийетимизде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Ҳәзир бул ўазыйпалар ҳаққында толық тоқтап өтиўден узақтамыз. Бирақ жәмийеттиң стратегиялық идея ҳәм мақсетлерине сәйкес миллий қәдириятларды кеңнен ғалаба ен жайдырыў деген бөлеги ҳаққында тоқтап өтиўди зәрүр деп таптық. Себеби, бул тәрептиң жоқарыдағы пикирлеримизге байланыслы тәреплери бар.

Мәселен, гөзленген мақсетке ерисиў ушын үш әҳмийетли ўазыйпа белгиленген. Олардан бири жаңа миллий руўхыятты қәлиплестириў ҳәм жәмийеттиң тилеклеслигин тәмийинлеў мақсетинде волонтёрлық ҳәрекетлерин шөлкемлестириў болып есапланады.

Миллий руўхыятты қәлиплестириў, жәмийет бирлиги жоқары шек дегени. Қандай да бир үлкени ийелеў ушын, бәринен бурын, ол жерде ишки келиспеўшиликлерди күшейтиў керек, деген көзқарас бар. Бул мақсет болса әне усындай қәўип-қәтерге қарсы турыўда қол келеди. Буны кеңирек талқылайық.

Волонтёрлық - кеўиллилер ҳәрекети дегени. Бул ўазыйпада жәмийетте жақсылықты қәлеўшилер, басқаларға бийғәрез жәрдем беретуғын, мәмлекеттеги жәмийетлик-сиясий процесслерде белсенди қатнасыўшылар қатарын кеңейтиў нәзерде тутылмақта. Бул болса өз-өзинен, жәмийетте өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхын жоқарылатады.

Айтайық, ҳеш кими жоқ нураныйға қоңсы жаслар жәрдем берип турса, оның аўҳалынан хабар алып, аўырын жеңиллеттирсе, сол кеўилли жигит-қызларды мәҳәлледе ҳәмме бирден ҳүрмет ете баслайды. Ямаса өткен жылы социаллық тармақларда светофор ислемей турған кесилиспелерде жолды тәртипке салып атырған жаслар ҳаққында бир қатар көринислер тарқалған. Сонда оларды ҳәмме бирдей қоллап-қуўатлады. Мине усындай тәреплер себепли волонтёрлық жәмийетте өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт сезимин күшейтеди. Бул да жоқарыда спорт мысалында айтқанымыздай ўатансүйиўшиликти беккемлейди.

Қуўанышлы тәрепи, ҳәзир жаслар арасында волонтёрлық сезилерли дәрежеде кеңеймекте. Мәселен, кеўилли жаслар "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары тийкарында нәллер егиўде турақлы қатнаспақта. Денсаўлығында машқаласы бар кексе ҳәм жасларға жәрдем беретуғын бир қанша волонтёрлық топарлары шөлкемлестирилген. Мәмлекетлик бағдарлама менен бул жумысты буннан былай да кеңейтиў нәзерде тутылмақта. Буны жәмийетте басқаларға бийғәрез жақсылық етиўди көбирек үгит-нәсиятлаўға қаратылған итибар сыпатында қабыл етиўимиз керек. Мәмлекетимизде волонтёрлық жумысы көбирек ғалаба ен жайса, тап спорттағы сыяқлы адамлар арасында машқаланы шешиўде жәмәәт болып ҳәрекет етиў көнликпеси артады.

Мәселен, Баҳодир Искандаров деген ўатанласымыз Японияда жасайды. Ол бәрқулла социаллық тармақлар арқалы япониялылардың жақсы ҳәм жаман тәреплерин жарытып барады. Баҳадырдың айтыўынша, күн шығыс елинде пенсиядағы кексе адамлар волонтёрлық етеди. Яғный, ҳәр күни еки рет, оқыўшылар мектепке баратырған ҳәм қайтып атырған ўақытта оларды жоллардан өткерип қояды.

Кешириңиз, биз пиядалар жолынан өтип баратырған оқыўшыны машина менен урып кеткен шофёрды айыплаўдан басқаға бармаймыз. Ҳеш гүмансыз, шофёр айыплы. Бирақ сол жағдай болмаўы ушын өзимиз не иследик, деген сораўға жуўап излеўимиз керек. Сонда ғана шын мәнисинде машқалаларға шешим табамыз. Булар жүдә киши ис болып көринеди, бирақ тап сол киши жағдайлар пүткил жәмийет турмысын шешиўге уқыплы.

Және бир мысал, усы күнлери 2024-жыл даўамында мәмлекетимиз бойынша 103 хызметине жәми 2713 жалған шақырыў келип түскени мәлим болды. Дурыс, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда азайған. Демек, жәмийетте жалған шақырыўдың ақыбетин түсинип атырғанлардың қатары кеңеймекте. Бирақ бирде-бир жалған шақырық болмаўы шәрт. Себеби, сол жалған шақырық ақыбетинде тез жәрдем ҳақыйқатында да жәрдемге мүтәж шахсқа өз ўақтында жетип бармай қалыўы мүмкин. Бул болса оның әтирапындағы онлаған адамлардың қәлбинде медицина тараўына исенимди төменлетеди. Аўа, ҳәмме нәрсе мине усындай киши жағдайлар ҳәм исенимде!

Президентимиз 29-январь күни Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында орынланып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыў ўақтында: "Бас мақсетимиз - миллий өзлигимизди аңлаў ҳәм аңлатыў", деп атап өтти. Бул жүдә үлкен ўазыйпа. Бүгин жаңа Өзбекстанда барлық тараўда халқымыздың өзин-өзи аңлаўына қаратылған сиясат алып барылмақта. Ҳәтте сыртқы сиясатымыздағы дослық, тынышлық ҳәм жақсылықты үгит-нәсиятлаў арқалы дүнья халықларына да улыўма инсаныйлық сезимлерди үгит-нәсиятлап атырғанымызды көриў мүмкин. Бүгин бизге арзымаған болып көринетуғын, ғалабалық спорт ямаса кеўиллилер қатарын кеңейтиўге қаратылған жумыслардың негизинде де мине усындай үлкен турмыслық ҳақыйқат жәмленген.

Усы жерде және бир пикир, халқымызда ҳүжданың барма деген сөз оғада аўыр бататуғын сөз сыпатында қабыл етилетуғын еди. Себеби, инсапсыз адамнан ҳәр қандай жаманлық шығыўы мүмкинлигин түсиниў, болжаў қыйын емес. Адамлар жаман пикирден қатты қорқатуғын еди. Бүгин өзлигимизди аңлаўды қәлер екенбиз, "инсап" сөзине мине усындай мүнәсибетти қайтарыўымыз керек болады.

Жақында досларымнан бири күйинип бвлай деди: "Ҳәр күни жумысқа автобуста бараман. Билесиз, айдаўшылар нақ пул алмай атыр. Ҳәр ким өзи билип онлайн төлеў керек. Айырымлары үндемей түсип баратыр, инсапсызлар" деп бақлайман. Бул жағдайда негизинде биз өзимизге зыян келтирип атырғанымызды билмеймиз. Себеби сол төлемлеримиз арқалы жолаўшылар саны автоматластырылған система арқалы есап-санақ етиледи. Усы есаптан келип шығып автобуслардың келиў аралығы белгиленеди. Қалаберсе, бул қаржы жәмийетлик транспорттың раўажланыўына үлес болып қосылады.

Бундай жағдайлар жәмийетимиздиң аўыр ноқаты болып есапланады. Жадид бабамыз Абдулҳамид Шолпан "Миллетти оятыў - оянғанлардың ўазыйпасы", деген еди. Буның ушын, бәринен бурын, оянғанлар кеўилли болыўды билиўи керек. Яғный ояў пикир менен ақ-қараны парықлаўдың өзи жеткиликли емес. Ҳәзирги ўақытта билгенлеримизди жәмийетте, әтирапымыздағыларға үгит-нәсиятлаўды үйрениўимиз зәрүр. Биз жақсы жасаўды, елимиз раўажланыўын қәлер екенбиз, соған мүнәсип ҳәрекет етиўимиз шәрт. Кеўиллилер қатарын кеңейтиўге қаратылған ўазыйпалардың артында мине усындай жоқары шекке алып баратуғын жумыслар жатыр, десек, ҳеш қандай қәте болмайды.

Бизлер волонтёр деп тек аўыр жағдайдағы адамларға жақсылық етиўди түсинип қалмаўымыз зәрүр. Автобуста жол ҳақысын төлемегенлерден ҳүждан сорап уялтыў да, жолды кесип өтип атырған оқыўшының қәўипсизлигин тәмийинлеў де тийкарында кеўилли адамлардың иси. Буларды қәлиплестириўде бәри бир ғалабалық спорттың да өз орны бар, деп ойлайман.

Мысалы, ҳәзир қоңсыларым менен айда бир ямаса еки мәрте сәлемлесемен. Сонда да мәҳәлледе ас болса ямаса көшеде ушырасып қалсақ. Басқа ўақытларда ҳәмме өз мәселеси менен бәнт. Енди ойлаң, ҳәр ҳәптеде дем алыс күнлери жарыслар себепли қоңсылар менен бир топар болып ҳәрекет етсеңиз, тек ғана денсаўлығымыз емес, ал мәҳәллемиздиң руўхый орталығы да бирден өзгереди. Адамларда пикирлесиў имканияты кеңейеди. Бундай сәўбетлер социаллық жуўапкершиликке себеп болады. Социаллық жуўапкершиликти сезиў, тийислилик сезими болса раўажланыўдың оқ тамыры болып есапланады.

Мақала басында баламның ўатансүйиўшиликти емес, фанатизмди таңлағанын айтқан едим. Енди усы ҳаққында ойласайық. Гәп сонда, балам Абдуқодир Ҳусанов ойнап атырған команда өзи сүйиўши болған "Реал Мадрид" футбол клубына қарсы ойнаўы ҳаққында сөз баслады. Оннан қайсы жәмәәтти қоллап-қуўатлайтуғынын сорадым. Улым "Реал Мадрид"ти қоллап қуўатлайтуғынын айтты. Оның сөзлерин тыңлап, бул енди сүйиўшилик емес, фанатизм екенин айттым. Ақыры ўатансүйиўшилик ҳәм ўатанпәрўарлық бир-бирине байланыслы сезим. Биз ҳәр қандай жағдайда да, бәринен бурын, ўатанласымызды қоллап-қуўатлаўымыз керек. Усы арқалы ўатан абырайын жоқарылатыўды үйренемиз. Бул пикирлерди балама сабырлы түрде түсиндириўге урындым.

Усы тәризде балам өзбек тилиниң түсиндирме сөзлигин бетледи. Онда фанатизм қандай да бир идеологияға көз-қарастан әмел етиў екенлигин, ўатансүйиўши болса өз елин сүйетуғын ҳәм соған мүнәсип ис ететуғын шахс екенлигин билип алды. Бул сөзлердиң мәнисин билиўи менен бирден ўатансүйиўши болып қалды, деп айтыўдан жырақпан. Бирақ және усындай таңлаў алдында турғанда қатаң ойлап, дурыс қарар қабыл ететуғынына исенемен. Себеби тәрбияның жолламасы, жәмийеттиң жаңаланып, раўажланыўы тап усындай киши, бирақ шешиўге уқыплы болған ҳәдийселер арқалы жүз береди.

Мәмлекетлик бағдарламадағы ҳәр бир ўазыйпа, көзқарастан мине усындай киши болып көринетуғын, бирақ жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғын үлкен ҳәм әҳмийетли мақсетлер жәмленген.

Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы