Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Париж қаласындағы Бурбон сарайында Франция Миллий мәжилисиниң Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.
Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон Елисей сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳүрметине мәмлекетлик қабыллаў мәресимин шөлкемлестирди.
Сапар етиў шеңберинде Париж қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Франция Республикасының жоқары сыйлығы - Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Министрлер Кабинетиниң "Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары (158-сан, 11.03.2025 ж.) қабыл етилди.
Енди пуқаралар мәмлекетлик медицина мәкемелерине онлайн тәризде ямаса тиккелей мүрәжат етиў арқалы бириктирилиўи мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысының Францияға мәмлекетлик сапары алдынан Париж қаласында усы елдиң “Orano Mining” компаниясы, Японияның “ITOCHU” корпорациясы ҳәм Өзбекстанның “Navoiyuran” мәмлекетлик кәрханасы арасында Наўайы ўәлаяты Тамды районы аймағында жайласқан "Жонгелди" кәнинде 2025-жылдың ақырына шекем уран ислеп шығарыўды баслаў ҳәм әмелге асырылып атырған басқа да қоспа жойбарлар тийкарында геология-излеў жумысларын жеделлестириў мақсетинде үш тәреплеме келисимге қол қойылды.
Экология министрлиги жанындағы Қорғалатуғын тәбийий аймақлар департаментине қараслы "Нурата" ҳәм "Сурхан" мәмлекетлик қорықханалары және "Зарафшан" миллий тәбият бағының аймағы кеңейтилди.
Ертең Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўа температурасы 23 дәрежеге шекем көтериледи.
Ниш қаласында (Сербия) болып өтип атырған бокс бойынша ҳаял-қызлар арасындағы жәҳән чемпионаты қызғын даўам етпекте.
2025/2026-оқыў жылы бакалавриатқа қабыллаў ушын тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер бойынша тест тапсырмаларының саны ҳәм баҳалаў критериялары тастыйықланды.
Дизимде Абдуқодир Ҳусанов, Элдор Шомуродов, Аббосбек Файзуллаев та бар.