2024-жылы мәмлекетимизде дөретиўшилик жумыслары оғада көп болды. Әмиўдәрья үстинен өтиўши темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпириниң ашылыўы ең қуўанышлы ўақыялардан бири сыпатында елимиз тарийхы бетлерине алтын ҳәриплер менен жазылды десек, қәте болмайды.
Жаңа көпир ҳәм темир жол жүк ҳәм жолаўшы өткериў имканиятын сезилерли дәрежеде арттырды. Атап айтқанда, жолдың өткериў имканияты төрт есеге артты, бул күнине 12 мың автомобиль өтиўин тәмийинлеп, 48 мың жолаўшының еки-үш саат ўақтын үнемлейди. Көпир еки тәрепке 24 жуп поезд өткерип, темир жол аралығын дерлик 200 километрге ҳәм жүклерди жеткерип бериў ўақтын 6 саатқа шекем қысқартты.
Бул болса жүк тасыўдың жыллық көлемин еки есеге арттырыў ҳәм тасыў баҳасын еки есеге азайтыў, сондай-ақ, келешекте Қазақстан ҳәм Россияға жаңа темир жол жөнелислерин ашыў имканиятын берди. Сондай-ақ, бул темир жол линиясында 2 қорғалатуғын ҳәм 18 қорғалмайтуғын темир жол кесилиспеси, 3 темир жол вокзалы, 3 техникалық хызмет көрсетиў имараты ҳәм басқа да бир қатар объектлердиң иске қосылыўы нәтийжесинде көплеген жаңа жумыс орны ашылды.
Аралбойы аймағында туристлик имканият сезилерли дәрежеде жақсыланды. Соның себебинен Қарақалпақстан ҳәм Хорезмниң экономикалық потенциалын арттырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыўға үлкен имканиятлар есиги ашылды.
85 километрлик темир жолды бирлестирген 423 метрлик бул көпирге шекем, биринши гезекте, "Шават - Гурлан - Жумуртов - Қараөзек" темир жол линиясы қурып питкерилди. Бул линия Хорезм темир жолын Қарақалпақстаннан өтетуғын магистрал темир жолға жалғайды. Буның нәтийжесинде изи жабық линияға айланып қалған Хорезм темир жолы ушын үлкен имканиятлар пайда болды. Жойбар баҳасы 169,2 миллион доллар болған Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасын байланыстыратуғын "Гүрлен-Әмиўдәрья" темир жолының жайластырылыўы себепли магистрал линия "Мискин-Нөкис" темир жолы менен тутастырылды. Оған шекем "Саратов-Ташкент," "Волгоград-Ташкент" жөнелисиндеги поездлар Үргеншке кириў ушын "Нөкис-Мискин-Үргенш" маршруты бойлап 200 километрге шамалас артықша жол жүретуғын еди. Поезд Үргениш жақынлығынан өтип, "Мискин" станциясынан және артқа қайтады ҳәм жолаўшылар 3-4 саатқа жақын ўақтын жойтатуғын еди.
Жаңа темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпириниң қурылып, иске қосылыўы нәтийжесинде Россия ҳәм Қазақстан арқалы кирип келетуғын поездлар аралығы 250 километрге қысқарды. Мәнзилге жетип барыў ўақты болса 6 саатқа азайды. Негизинде, бул оғада үлкен табыс. Итибарлы тәрепи сонда, жүк тасыў көлеми 12 миллион тоннадан 25 миллион тоннаға артты. Нәтийжеде жыллық пайда 100 миллиард сумға шекем артыўы прогноз етилмекте.
Әзелден бир ел, бир халық болған Аралбойы халқын асаў толқынлы Әмиўдәрья екиге ажыратып турған. Қаншадан-қанша ҳүкимдарлар, қаншадан-қанша салтанат ийелери еки жағаны бирлестиретуғын көпир қура алмаған. Соның ушын, адамлардың өз-ара барып келиўинде, саўда-сатық ислеўинде бир қатар қыйыншылықлар жүзеге келген. Адамлар гейде сал ҳәм қайықларда еки жаға арасына барып-келип жүрген. Гейде жүдә күшли толқынлар, айырым жағдайларда музлардың ойылыўы қыйыншылық ҳәм азапларды келтирип шығарған. Гейде әйтеўир ғана қурылған пантон көпирлер де ел-журтқа жарамсыз болып қалған.
Халқымыз бул машқалалардың сапластырылыўын узақ жыллар даўамында күткен еди. Мине, Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районында қысқа мүддетте қурып питкерилген саўлатлы көпир мийнеткеш халқымыз ушын жаңа Өзбекстан басшысының мүнәсип саўғасы болды. Бул бийбаҳа саўға ҳаққындағы хабарларды еситерр екенбиз, көпир әрманында қыйналған ўатанласларымыздың өтмиши еске түседи.
Биз өсип-өскен аўыл менен Қарақалпақстанның Төрткүл қаласын мәўижли дәрья ажыратып турады. Балалығымызда жайдың төбесине шығып, қаланың қайнаўытлаған турмысын тамаша етип отыратуғын едик. Бул қалада көпшилик аўылласларымыздың туўған-туўысқанлары жасайды. Той-мерекеге барып келиў оғада үлкен қыйыншылық туўдыратуғын еди. Аўылласларымыз өмирин гиреўге қойып, муз қаплаған дәрьяны кесип өтиўге мәжбүр еди. Бул ҳәрекетлер гейде табыслы болса, көпшилик жағдайларда өкиниш пенен жуўмақланар еди. Жақын жылларға шекем Хорезм менен Қарақалпақстанды тек ғана Түйемойын суў сақлағышы ҳәм Тақыятас ыссылық электр станциясына қурылған бөгет байланыстырып туратуғын еди. Олардың екеўи де орайдан жүдә узақта болып, жүзлеп шақырым жол басыўға туўра келетуғын еди. Кейинги ўақытлары Хорезм ўәлаятының Үргениш ҳәм Ханқа районлары және Қарақалпақстанның Қыпшақ аўылында пантон көпирлер қурылып, халыққа хызмет көрсете баслады. Бирақ, бундай әпиўайы көпирлер қыста үлкен муз бөлеклериниң урылыўы ямаса жазда шаўқымлы толқынлар ҳүжиминде өтип болмайтуғын дәрежеге келип қалатуғын еди.
Ғәрезсизликтен кейин дәслеп Қарақалпақстанның "Мискин" елатлы пункти ҳәм Хорезмниң Хазарасп районын байланыстыратуғын саўлатлы көпир қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул көпир поезд өтиўи ушын да мөлшерленгенлиги себепли "Үргениш-Ташкент" аралығы кескин қысқарды. Ўәлаяттың экспорт-импорт имканияты артты. Бирақ, Хорезм ўәлаятының Шығыс тәрепинен кирип келген поезд темир жолдың "Ташкент-Нөкис" жөнелисине жалғанбағаны себепли және артқа қайтып, "Мискин" станциясынан белгиленген тәрепке қарай ҳәрекетленетуғын еди. Бул болса бираз ўақыт ҳәм күш жумсалыўына себеп болар еди.
Енди Әмиўдәрья районында қурылған бул көпир мине усы ўақыт ҳәм энергияны үнемлеўге хызмет ететуғыны сөзсиз. "Мискин"нен кирип келген поезд артына қайтып отырмастан магистрал линияға жалғанды. Бул, әлбетте, халықаралық жөнелислерде жүк ҳәм жолаўшы тасыў ушын да үлкен қолайлықлар жаратады.
Әмиўдәрья үстинде жаңа көпирдиң қурылысы көп жыллық машқаланы шешти. Ең әҳмийетлиси, халықтың ўақты үнемленип, темир жолда жүк тасыў қәрежети 1 вагон ушын 600 мың - 1 миллион сумға арзанласпақта. Бул - тәбийий шийки зат резерви аз Хорезм исбилерменлери ушын жаңа имканият, санаат ҳәм хызметлер ушын болса жүдә үлкен түртки. Сондай-ақ, мыңлаған жигит-қызлардың Нөкис ямаса Үргенишке барып жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын қолайлы шараят жаратты. Енди олар ушын жол азабы деген түсиник болыўы мүмкин емес.
Ерполат БАХТ,
журналист