Халықаралық бирге ислесиўшилерден Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар
Кирип киятырған жаңа - 2025-жыл мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, глобал финанс институтларының басшылары, белгили сиясатшылар, жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклер келмекте.