Өзбекстан 1992-жылы 2-мартта БМШның толық ҳуқықлы ағзасы болды. Бул қәдем жас ғәрезсиз республиканың тек ғана барлық халықаралық процесслерде белсене қатнасыўға емес, ал өзиниң сыртқы сиясатын халықаралық ҳуқық ҳәм БМШ Режесин ҳүрмет етиў принциплери тийкарында қурыўға таяр екенлигиниң әҳмийетли дәлиллеринен бири болды.
Соннан берли үш он жыллықтан аслам ўақыт өтти ҳәм усы ўақыт ишинде Ташкент халықаралық майданда усыныслары кеңнен жуўап таўып атырған глобал басламалардың ең белсенди қатнасыўшыларынан бирине айланды.
БМШта қатнасыў Өзбекстан ғәрезсизлигин беккемлеўдиң әҳмийетли факторына айланды, оның суверенитети дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алыныўын тәмийинледи ҳәм барлық мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы сөйлесиў ушын тийкар жаратты. 1993-жылы Ташкентте БМШ ўәкилханасының ашылыўы бирге ислесиўдиң узақ мүддетли характерин беккемлеген және бир әҳмийетли ўақыя болды.
Бәринен бурын, Өзбекстанның БМШ шеңбериндеги жумысының тийкарғы бағдарлары халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, турақлы раўажланыўға жәрдемлесиў ҳәм экологиялық машқалаларды шешиўден ибарат болды. Глобал экологиялық апатшылыққа айланған Арал теңизи кризисине айрықша итибар қаратылды.
Әйне Аралбойы машқаласы бойынша Өзбекстан халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланған бир қатар басламаларды усыныс еткени бийкарға емес. Атап айтқанда, 2018-жылы БМШ қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы Траст фонды шөлкемлестирилди.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш еки мәрте - 2017-жыл июнь ҳәм 2024-жыл июльде Өзбекстанға келди. Сапар етиўлер Ташкенттиң глобал мәселелерди додалаў ушын майдан сыпатындағы орны артып баратырғанын тастыйықлады.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш 2024-жыл июль айындағы сапары ўақтында:
"Өзбекстан - тынышлық ҳәм қәўипсизлик, инсан ҳуқықлары мәселелеринен баслап, климат ҳәм турақлы раўажланыўға шекемги барлық тараўларда исенимли шеригимиз. Мәмлекет БМШтың көп тәреплеме күн тәртибин алға қойыўда алдынғы қатарда".
Бул жоқары баҳа тийкарғы мәниске итибарды қаратады: Өзбекстан ҳәм БМШ бирге ислесиўи регионаллық қәўипсизликти беккемлеўден баслап, турақлы раўажланыўдың глобал мақсетлерин әмелге асырыўға шекем жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланбақта.
2024-жылы Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы тилеклесликти алға қойыў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын Антониу Гутерриш жоқары дәрежели "Дўстлик" ордени менен сыйлықланған еди.
Өзбекстан Президенти БМШ Бас Ассамблеясы сессияларында турақлы түрде шығып сөйлейди. Оның 72, 75, 76 ҳәм 78-сессиялардағы шығып сөйлеген сөзлери регионаллық қәўипсизлик, климат өзгериўине қарсы гүресиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты алға қойыў мәселелерине байланыслы әҳмийетли бағдарламалық билдириўлер болды.
Өзбекстан делегациясының бир қатар халықаралық форумларда, соның ишинде, 2025-жылы Түркменстанда болып өтетуғын БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясында қатнасыўы да әҳмийетли болды. Бул илажлар тек ғана Өзбекстанның белсендилигин емес, ал тек ғана регионның емес, ал пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң мәплерине жуўап беретуғын усыныслар киргизиўге таяр екенлигин көрсетеди.
2018-2025-жылларда Өзбекстан БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясының басламашысы болды. Олардың тематикасы регионаллық қәўипсизликтен баслап, турақлы туризм ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге шекемги кең шеңберди қамтып алады.
Олардың арасында ең әҳмийетлилери - "Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў" (2018-жыл), "Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында"ғы (2021-жыл), "Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында"ғы (2022-жыл), "Тоғайлық ҳәм тоғайларды қайта тиклеў бойынша БМШтың он жыллығы" (2025-жыл).
Бул басламалардың ҳәр бири Ташкенттиң халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириўге қаратылған идеялар генераторы болыўға умтылысын көрсетти. Атап айтқанда, Аралбойын экологиялық инновациялар аймағы деп тән алыў идеясы глобал көлемдеги экологиялық апатшылыққа итибарды қаратыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин жаратыў имканиятын берди.
Буннан тысқары, пандемия ҳәўиж алған ўақытта Өзбекстан БМШ Бас Ассамблеясының рәсмий ҳүжжети сыпатында тарқатылған "Пандемиялар ўақтында мәмлекетлердиң ықтыярлы миннетлемелери кодекси"н усынды. Бул баслама кризис шараятында глобал тилеклесликтиң әҳмийетине айрықша итибар қаратты.
Өзбекстан регионда бириншилерден болып БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерин (ТРМ) миллий стратегиялық ҳүжжетлерге интеграциялады. 2018-жылы елимизде Турақлы раўажланыў мәселелери бойынша Миллий муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди ҳәм 2020-жылға шекем республикамыз шараятына бейимлестирилген 125 көрсеткиштен ибарат комплексли миллий дизим тастыйықланды.
Быйыл Өзбекстан глобал ТРМ (ЦУР) индексинде 19 текшеге көтерилди ҳәм дүньяның ең тез раўажланып атырған бес мәмлекетиниң қатарына кирип, өз регионында жетекши мәмлекетке айланды.
2022-2026-жылларға мөлшерленген "Жаңа Өзбекстан" раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетти 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында БМШтың глобал мақсетлерине сәйкес келетуғын тийкарғы бағдарлар белгиленген: кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, сапалы билимлендириўди тәмийинлеў, гендер теңлик, денсаўлықты сақлаў, тәбияттан ақылға уғрас пайдаланыў, санлы трансформация.
БМШ агентликлери менен биргеликте Өзбекстан бир қатар әмелий нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, 2022-2024-жылларда кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 8,9 процентке түсип, региондағы ең тез пәтлердеги көрсеткишлерден бирине айланды. ЮНИСЕФ, Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы (БМШ ПРООН) жәрдеминде Социаллық төлемлердиң бирден-бир реестрин енгизиў халықтың әззи топарларын қамтып алыўды еки есеге - 600 мыңнан 1,2 миллионға шекем арттырыў имканиятын берди. ЮНИСЕФ ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бағдарламалары балалар арасында шаншыў дәрежесин арттырыў ҳәм мектеп билимлендириўи системасын модернизациялаўға жәрдем берди. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Аралбойында тоғайларды қайта тиклеў тараўындағы жойбарлары регионның "экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы" сыпатындағы статусын беккемлеў имканиятын берди.
Бүгинги күнде елимизде БМШтың көплеген агентликлери, соның ишинде, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, ЮНИСЕФ, ФАО, ХМШ, ЮНЕСКО, ҚЖКБ ҳәм басқалар жумыс алып бармақта. Олар менен биргеликте 2021-2025-жылларға мөлшерленген Турақлы раўажланыў тараўындағы бирге ислесиўдиң шеңберлик бағдарламасы шеңберинде улыўма баҳасы 293 миллион доллардан аслам болған 166 жойбар әмелге асырылмақта.
Соңғы жыллары Өзбекстанға БМШ структураларының басшылары - ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуледен баслап ЮНИСЕФ атқарыўшы директоры Кэтрин Рассел ҳәм Жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң бас директоры Дарен Тангаға шекем онлаған адам келди. Бул сапар етиўлер глобал қәўип-қәтерлерди додалаў ушын әҳмийетли майданға айланып атырған мәмлекетке қызығыўшылықтың артып баратырғанының белгиси болып есапланады.
2023-жылы Самарқандта Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) Бас Ассамблеясының 25-сессиясы, 2025-жылы болса Мәмлекетлик хызмет мәселелери бойынша форум өткерилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Мәмлекетлик хызмет мәселелери бойынша Самарқандтағы форумы ҳәм 2024-жылы "Бирлескен Миллетлер Шөлкеми - Ҳаял-қызлар" ассоциациясы менен биргеликте өткерилген Азия ҳаял-қызлар форумы Өзбекстанның әҳмийетли халықаралық басламалар орайы сыпатындағы орны артып баратырғанының айқын мысалы болды.
Усы жылдың май айында Ташкентте "БМШ-ҳаял-қызлар" структурасы ўәкилханасының рәсмий ашылыўы Өзбекстанның гендер теңликти алға қойыў ҳәм мәмлекетте ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы жетискенликлериниң тән алыныўы болды.
2025-жылы Термиз қаласындағы Халықаралық транспорт-логистика хабы БМШтың Қашқынлар ислери бойынша Жоқары комиссары басқармасының (ҚЖКБ) глобал жеткерип бериў тармағына киргизилгени мәмлекеттиң гуманитарлық процесслердеги ролин күшейтти.
Өзбекстанның 2021-2023-жылларға мөлшерленген Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеске сайланғаны мәмлекетимиздиң БМШ структуралары менен бирге ислесиўинде әҳмийетли басқыш болды. Бул ўақыя мәмлекеттиң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм миллий институтларды реформалаў тараўындағы ҳәрекетлериниң тән алыныўын беккемледи.
Буннан тысқары, Өзбекстан БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық кеңеси (ЭКОСОС, 2025-2027-жыллар), ХМШ Ҳәкимшилик кеңеси (2024-2027-жыллар), Инсан ҳуқықлары бойынша комитет (2025-2028-жыллар), БМШ Статистика комиссиясы (2026-2029-жыллар), ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў бойынша ҳүкиметлераралық комитети (2022-2026-жыллар) сыяқлы абырайлы уйымларға ағза болды.
Ҳәзирдиң өзинде Ташкент БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң 2035-2036-жылларға мөлшерленген турақлы емес ағзалығына өз кандидатурасын жедел алға қоймақта, бул оның халықаралық дипломатиясының раўажланыўында жаңа басқыш болады.
2025-жылдың октябрь-ноябрь айларында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд қаласында болып өтеди. Бул ўақыя тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал пүткил халықаралық шөлкем ушын тарийхқа киреди: ЮНЕСКОның Бас конференциясы 40 жыл ишинде биринши мәрте шөлкемниң бас резиденциясы дәстүрий түрде жайласқан Париж қаласының сыртында өткериледи.
Үлкен көлемли форумды өткериў орны сыпатында Самарқандтың таңланғаны рәмзий мәниске ийе. ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген бул әййемги қала Шығыс ҳәм Батысты бирлестиретуғын мәдениятлар ҳәм цивилизациялар қарым-қатнасының тымсалы болып есапланады. Өзбекстан ушын бул қарар мәмлекеттиң мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында халықаралық бирге ислесиўди алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлериниң тән алыныўы болды. Ол республиканың халықаралық майданда пайдаланып атырған жоқары дәрежедеги исенимин де сәўлелендиреди.
Булардың барлығы Өзбекстан халықаралық процесслердиң тартымлы орайына айланғанын тастыйықлайды.
БМШ пенен бирге ислесиўдиң үш он жыллығы даўамында Өзбекстан халықаралық жәмийетшиликтиң жас ағзасынан глобал шешимлердиң жедел интакерлеринен бирине айланды. Бүгинги күнде мәмлекетимиз шөлкемниң мақсетлерин әмелге асырыўда тек ғана қатнасып қоймастан, ал әҳмийетли күн тәртибин - климаттың өзгериўине қарсы гүресиўден баслап, цивилизациялар қарым-қатнасын алға қойыўға шекем қәлиплестириў басламасы менен шықпақта.
Ташкент ушын БМШ көп тәреплеме дипломатияның ең әҳмийетли майданы болып қалмақта. Жәҳән жәмийетшилиги ушын болса Өзбекстан халықаралық қәўипсизликти беккемлеў, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы басламалары менен әмелий қәдемлери реал әҳмийетке ийе болған исенимли шерикке айланбақта.
Усы тәризде, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 80 жыллық юбилей сессиясындағы болажақ қатнасыўы мәмлекеттиң көп тәреплеме сөйлесиўди беккемлеў ҳәм глобал басламаларды алға қойыў бойынша стратегиялық бағдарын және бир мәрте тастыйықлайтуғын әҳмийетли ўақыя болады. Бул қатнасыў Өзбекстанның халықаралық идеялардың басламашысы сыпатындағы позициясын беккемлейди ҳәм оның XXI әсирдиң улыўмаинсаныйлық күн тәртибин қәлиплестириўдеги әҳмийетли ролин тастыйықлайды.
"Дунё" МА








