Исбилерменликти раўажландырыў, жер ҳәм имаратлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде меншиклестириў бойынша кең көлемли жумыслар исленбекте. 2021-2024-жылларда 47 триллион сумлық мәмлекетлик активлер сатылған. Бул - алдынғы он жыллықтағы көрсеткиштен 30 есеге көп.
Булардың есабынан мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың саны 2 есеге қысқарды, экономикада мәмлекеттиң үлеси 13 процентке азайды. Меншиклестирилген мүлктиң нәтийжелилиги де бир неше есеге артты.
Алдынлары, тийкарынан, киши кәрхана ҳәм объектлер сатылған болса, енди ири мәмлекетлик активлер де сатыўға шығарылмақта. Соның ишинде, Қоңырат сода заводы, "Фотон," "Темиржолконтейнер" сыяқлы ири кәрханалар, “International” ҳәм “Lotte” мийманханалары меншиклестирилди.
Өткен жылы ноябрьде биринши мәрте "халық IPO"сы бойынша Товар-шийки зат биржасының 3 миллионнан аслам акциясы халыққа сатылды, 11 мың адам акционерге айланды.
Бирақ еле системада кемшиликлер, аймақлар ҳәм тармақларда пайдаланылмай атырған имканиятлар көп. Бос турған орынларды экономикалық активке айландырыў, аукционға қойылған таяр имаратларды сатыўда төменлеўлер бар.
Мәселен, аймақтың қәнигелесиўи, коммуникация өткериў имканияты үйренилместен аукционға шығарылған 1,5 мың гектар жер 1 жылдан артық сатылмаған. 4 мың жер участкасын аукционға шығарыўда келисиў процесслери кешиккен. Министрлер ҳәм ҳәкимлер өткен жылы сатылыўы керек болған 243 мүлкти Мәмлекетлик активлер агентлигине өткермеген.
Ири мәмлекетлик кәрханаларда да жумыслар жедел емес. "Автосанаат," "Химиясанаат," "Металлургия комбинаты," "Өзбекнефтгаз" сыяқлы 22 кәрхана елеге шекем халықаралық финанслық есабат жүргизиўге өтпеген. "Өзбекстан почтасы", "Uzbekistan Airports" "Өзбекстан темир жоллары" елеге шекем кредит рейтингин алмаған.
Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте усы сыяқлы мәселелерди шешип, жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Меншиклестириў тараўындағы 2025-жылғы мақсетлер белгилеп алынды. Қосымша:
- 30 триллион сумлық мәмлекетлик мүлкти сатып, бюджетке кеминде 10 триллион сум түсимди тәмийинлеў;
- 116 кәрханадағы мәмлекетлик үлести ҳәм 581 көшпес мүлк объектин сатыўға шығарыў;
- 6,1 мың гектар жерди аукционға қойып, сатыў көлемин 6 триллион сумға жеткериў;
- кеминде 300 кән ҳәм майданды интакерлерге усыныс етип, 500 миллиард сум түсим түсириў.
Булардың нәтийжесинде экономикаға қосымша инвестициялар кирип келип, исбилерменликке имканият кеңейеди, мыңлаған жумыс орынлары пайда болады.
Мәжилисте бул мақсетлерге ерисиў ушын бир қатар жеңилликлер берилетуғыны жәрияланды.
Енди исбилерменлер кеминде бес жыл ижараға пайдаланған мәмлекетлик мүлкти тиккелей өзи сатып алыўы мүмкин болады. Бүгинги күнде 632 усындай объект бар. Бул мүлклерди ижараға алыўшылардың өзине сатыў арқалы кеминде 2 триллион сум түсим алыў мүмкин.
Пахтасанааттың сатылмай қалған 131 активлериниң басланғыш баҳасы 50 процентке шекем төменлетилип, аукционға шығарылады. Онда, исбилерменлерге төлемлерди үш жылға шекем бөлип төлеў имканияты бериледи.
Ҳәзирги ўақытта республикадағы 537 базар ҳәм саўда комплекслериниң кеминде 51 процент үлеси жергиликли ҳәкимликлерге тийисли. Енди бул тәртип те өзгереди. Базарларда жергиликли ҳәкимияттың мәжбүрий қатнасыўы ҳаққындағы талап бийкар етиледи. Бул да исбилерменлер ушын қосымша имканият болады.
Жер майданларын сатыў бойынша да имканиятлар кеңейтиледи. Мәселен, аукционда узақ ўақыттан берли сатылмай турған, майданы киши болған, бир-бирине жақын жайласқан жер участкалары бирлестирилип, қайта аукционға шығарылады.
Мәмлекетлик активлерден нәтийжели пайдаланып, жергиликли бюджетке түсимди көбейтиў бойынша жақсы тәжирийбелер де бар. Мысал ушын, Ташкент қаласында муниципал категориядағы орынлар хатлаўдан өткерилип, электрон базасы жаратылды. 102 нәтийжесиз имарат ҳәм 97 гектар бос жер анықланып, аукционға шығарыў басланды. Өткен жылы имарат-объектлер астындағы 118 гектар жер участкаларын меншиклестириўден 60 миллиард сум түсим болды. Бул - 2022-жылға салыстырғанда 5 есеге көп дегени.
Енди бул тәжирийбе барлық ўәлаят орайларында, келеси жылы районларда енгизиледи.
Тараўдағы және бир әҳмийетли мәселе - мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды халықаралық базарға алып шығыў. Бүгинги күнге шекем бул система өзин ақлаған ҳәм нәтийжесин берген. Халықаралық шөлкемлер де буны тән алмақта.
Жуўапкерлерге экспертлерди тартқан ҳалда бул процесслерди даўам еттириў ўазыйпасы қойылды. Быйыл халықаралық базарларда және 28, келеси жылы 10 ири кәрхананың акциялары ғалабалық саўдаға шығарылыўы белгиленди.
Бас министрге бул бойынша "жол картасы"н тастыйықлап, орынланыўын ҳәр айда додалап барыў тапсырылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.