Өзбекстан елшиси Каромиддин Гадоев Малайзияның «MK Tron Group» компаниялар топарының тийкарын салыўшы ҳәм атқарыўшы баслығы Мутхукумар Аярпадде менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан елшиханасы дипломатлары Малайзияның Селангор штатындағы "1 Utama" саўда орайының реклама ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелери бойынша менеджери Яп Йи Ленг пенен сөйлесиў өткерди.
Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Өзбекстанның Куала-Лумпурдағы елшиханасында Малайзия туризм ассоциациялары, атап айтқанда, Ислам туризм орайы (ITC), Малайзиядағы Бумипутера туроператорлары ассоциациясы (BIMUTRA), Умра ҳәм Ҳаж саяхатлары бойынша мәмлекеттиң жетекши туркомпаниялары ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде қатнасты.
Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев Куала-Лумпур қаласында МАТТА (Малайзия туристлик компаниялары ҳәм туроператорлары ассоциациясы) вице-президенти Шайх Авад ҳәм бас менеджери Мазия Миҳат пенен сөйлесиўлер өткерди.
Куала-Лумпурда Туризм комитетиниң баслығы Умид Шодиев Малайзияның Туризм, көркем өнер ҳәм мәденият министрлигиниң бас хаткери Раслан Абдул Раҳмон менен сөйлесиўлери болып өтти.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ректоры ўазыйпасын атқарыўшы, профессор Исламбек Рустамбеков Биринши Өзбекстан-Малайзия билимлендириў форумында қатнасыў ушын Куала-Лумпур қаласына келген еди.
Бир неше минут алдын Өзбекстан Президентиниң Малайзияға соңғы 20 жыл ишиндеги дәслепки рәсмий сапары жуўмақланды. Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов бул сапар етиў бойынша пикирлерин билдирди.
Малайзиялы селекционер илимпазлар тәрепинен жаратылған шорға ҳәм суўсызлыққа шыдамлы, қара, узын ҳәм дәмли салы сортларын Өзбекстанда тәжирийбе сыпатында егип көбейтиў ушын туқымлар алып келинеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Малайзияға рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.
Рәсмий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Куала-Лумпур қаласында биргеликтеги бизнес форумында қатнасты.