Бүгин АҚШта “Freestyle Chess Grand Slam Las Vegas” турнири басланады.
Усы жылдың 3-16-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында "FIDE Grand Swiss-2025" турнири болып өтеди.
Түркменстан пайтахты Ашхабадта 8, 10 ҳәм 12 жасар балалар арасында шахмат бойынша өткерилген халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта 2-орынды ийеледи.
Швецияның Мальмё қаласында өткерилген ири халықаралық шахмат турнири өз жуўмағына жетти.
Румыния пайтахты Бухарест қаласында болып өтип атырған, сыйлық қоры 350 мың АҚШ долларын қураған "Superbet Chess Classic Romania-2025" турнириниң 4-тур беллесиўлери жуўмақланды.
Германияда шахмат бойынша өткерилген Бундеслига ойынларының 2024/2025-жылғы мәўсиминиң соңғы 15-тур ойынларының нәтийжесине бола, жерлеслеримиз Жавоҳир Синдоров, Нодирбек Абдусатторов ҳәм Рустам Қосимжонов орын алған командалар күшли үшликти ийеледи.
Шахмат бойынша онлайн тәризде өткерилген “Titled Tuesday” турниринде жас гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоров табыслы қатнасты.
Усы жылдың 7-февраль күни Германияның Вейссенхаус қаласында басланып атырған шахмат бойынша "Freestyle Chess Grand Slam" халықаралық турниринде гроссмейстерлеримиз Нодирбек Абдусатторов ҳәм Жавоҳир Синдоров жеңимпазлық ушын гүреске кириседи.
Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында өткерилген еки тәрепли шахмат бойынша дәстүрий “Tata Steel Chess-2025” жарысы өз жуўмағына жетти.
Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында даўам етип атырған "Tata Steel Chess-2025" турнириниң 9-турында Нодирбек Абдусатторов қара даналарда АҚШ ўәкили Фабиано Каруана менен теңликке еристи.