Стратегиялық реформалар агентлиги ҳәм Туризм комитетиниң басламасы менен "UZBEKISTAN THE GOLDEN ROAD" ҳүжжетли фильми жаратылды.
Қазақстанның Ақтаў қаласында 1-4-октябрь күнлери "Қорқыт ата" түркий халықлар халықаралық кинофестивалы болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Түркменстанның биргеликте сүўретке алынған "Махтумқулы пырағы" кино картинасы халықаралық сыйлықларды исенимли қолға киргизип келмекте. Фильм Лондон ҳәм Қазанда тән алынғаннан соң Болгария телевидение, кино ҳәм интернет коммуникациялары академиясы (АТКИК) тәрепинен шөлкемлестирилген ХIII халықаралық кинофестивальда Гран-при менен сыйлықланды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўинде жаратылған "Мақтымқулы пырағы" фильми Қазан қаласында болып өткен "Алтын минбер" ХХI халықаралық кинофестивалында "Россия - Ислам дүньясы" бағдарламасының дипломы менен сыйлықланды.
Бул фильм “National Geographic” телеканалы арқалы эфирге берилиўи режелестирилген.
Өзбекстан ҳәм Қытай бирге ислесиўинде "Мени күт" атамасындағы жаңа халықаралық киножойбар дәслепки рет сүўретке алыныўы режелестирилмекте.
Ташкент қаласында Қарақалпақ дәстүрий саз әсбабы – Қобыз ҳәм жыраўшылық өнерине бағышланған ҳүжжетли фильмди таныстырыў кешеси болып өтти.
Усы жылдың 30-январь - 1-февраль күнлери Венгрия пайтахтында биринши мәрте "Өзбек киносы күнлери" болып өтеди.
Бүгин Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар басшылығындағы делегация ўәкиллери Қарақалпақстан медицина институтында болды. Мәдений илажлардан соң институттың мәжилислер залында делегация ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.