Шымбай районында жайласқан Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтында «Арал теңизи регионында ҳаўа, жер ҳәм суў ресурсларын инновациялық басқарыў арқалы жергиликли бирге ислесиўшилердиң билимин жетилистириў» атамасында оқыў семинары болып өтти.
Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилген семинарда Агентлик жуўапкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басшылары, аймақтағы 44 шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар, ҒХҚ хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Шаббаз қаўынларының аты әййемги заманлардан берли жети ықлымға таралған. Мазалы, шийрин ийис таратқан қаўынларды жетистириў болса айырықша дәстүр ҳәм мийнет талап ететуғын процесс болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен «Дослық үйи»нде «Грант жазыў ҳәм утып алыў» атамасында семинар өткерилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги мәжилислер залында аймақларда ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери»ниң 6-басқышын сапалы шөлкемлестириўге бағышланған семинар болып өтти.
2025-жыл 13-январьда Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Сенатта семинар өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги “Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң арнаўлы буйрықларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қәнигелик арттырыўдың “Методикалық шеберлик сааты” илажларын сапалы түрде жолға қойыў мақсетинде республикамыздағы 25 таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде «Методикалық шеберлик күни» илажлары басланды.
Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилмекте.
Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтында халықаралық International Center for Biosaline Agriculture шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылып атырған “Development of Sustainable Agricultural Production Systems in Degraded Areas of Karakalpakstan” халықаралық жойбары шеңберинде алып барылған жумыслардың нәтийжелери бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Төрткүл районындағы “Қўшназар пахтакор” фермер хожалығы атызларында шор жуўыўға жерлерди таярлаў ҳәм усы агротехникалық илажларды әмелге асырыўда әҳмийет қаратыў керек болған мәселелерге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.