Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған "Мәмлекетлик басқарыў системасында нәтийжелилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманда белгилеп берилген.
Пәрман менен министрликлер ҳәм уйымлардың қарар қабыл етиўдеги еркинлиги арттырылады. Буның менен байланыслы бюрократиялық процесслер қысқарады, олардың проактив жумыс ислеўи ушын имканиятлар кеңейтиледи.
Ҳүкимет қарарлары, ведомстволық ҳүжжетлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлери менен тәртипке салынатуғын мәселелердиң дизими белгиленеди.
Енди уйымлар өзлерине тийисли тараўды еркин тәртипке салыў ўәкиллиги шеңберинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл ете алады.
Ведомстволық ҳүжжетлерди Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткериўде қайта ислеў (редакторлаў) имканияты жаратылады. Ведомстволық ҳүжжетлерди халықаралық стандартларға бейимлестириў процесинде оларға ҳуқықый нормаларды киргизиўге рухсат бериледи.