Мақалада атап өтилиўинше, Өзбекстан өзиниң бийбаҳа мәдений ҳәм тәбийий байлықлары менен дүнья туризм тараўында әҳмийетли орын ийелейди. Мәмлекетимиз ҳүкимети туризмге өзиниң экономикалық стратегиясының тийкарғы факторларынан бири сыпатында үлкен итибар қаратып атырғаны, сондай-ақ, тараўға инвестиция киргизиў ҳәм оны экономикалық өсиўдиң тийкарғы драйверине айландырыў бойынша комплексли режелерди әмелге асырыўға умтылып атырғаны тән алынады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 5 250 ден аслам туристлик объектлер, соның ишинде, мийманханалар, хостеллер ҳәм шаңарақлық дем алыў орынлары болып, олардың сыйымлылығы шама менен 155 мың орынға мөлшерленгенлиги ҳаққында мағлыўмат бериледи.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан қысқы туризм сыяқлы басламалар арқалы жыл даўамында туризмди раўажландырыўға умтылмақта. Усы мүнәсибет пенен "Чорвоқ" ҳәм "Зомин" сыяқлы туристлик кеўилашар аймақлар шөлкемлестирилип, "Шаҳрисабз", "Майданак" сыяқлы басқа да аймақларда жойбарлар ислеп шығылып атырғаны тән алынған.
"Өзбекстанда туризм тараўы үзликсиз өсиўде даўам етпекте, - делинеди мақалада. - Мәмлекет 2022-жылы 5,2 миллион халықаралық туристти қабыл еткен болса, 2023-жылы бул көрсеткиш 6,7 миллионға шамалас болды".
Автордың пикиринше, 2024-жылдың август айына келип Өзбекстанда туризм секторынан түскен дәраматлар 2 миллиард доллардан асты. Соның менен бирге, туристлердиң орташа қалыў мүддети 7-8 күнге шекем создырылады, бул болса туризм тәжирийбеси дәрежесиниң жақсыланғанын көрсетеди, деп хабар береди "Дунё" ХА.
Мақала жуўмағында "Өзбекстан турақлы экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайтуғын ҳәм мәдений алмасыўды күшейтетуғын дүньяның ең белгили туристлик бағдарларынан бирине айланыў ушын барлық имканиятларға ийе", деп жазған "Ал-Жарида" газетасы.