баннер
28 Apr 2025
04:47

    Ҳаял-қызлар билимлендириўине итибар арзыў-нийетлерге қанат болмақта

    Ҳәр бир инсан ақылы ҳәм қәлби менен жоқарыға умтылады, шыңларды ийелеўди, өзи әрман еткен ең жоқары шеклерге жетиўди қәлейди. Бул умтылыс инсанның кеўлин жарқын үмитлер, мәртлик қарарлар ҳәм тынымсыз излениўлер менен толтырады. Әсиресе, ҳаял-қызлар - жәмийетимиздиң жүреги, келешегимиздиң таянышы, ағартыўшылық булақларынан пайдаланыўды нийет еткен қызларымыз ушын бул жүдә әҳмийетли.

    Мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлар тек ғана шаңарақтың емес, ал жәмийеттиң таянышы, миллет тәрбияшысы екенин, олар ушын жаратылып атырған шараятлар келешегимиздиң тырнағын беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтеди. Сонлықтан, ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған шараятлар тек ғана билим алыў емес, ал өз қәбилетин көрсетиў, арзыў-нийетлерин әмелге асырыў ушын да үлкен имканиятлар есигин ашпақта.

    Бүгин елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде 1 миллион 489 мың жигит-қыз билим алмақта. Соннан 782 мың, яғный 52,5 проценти ҳаял-қызлар. Бул цифр ҳаял-қызлардың жоқары билим алыўға умтылыўы жыл сайын артып баратырғанын көрсетеди. Бир тәрептен ҳаял-қызлардың илим-ағартыўшылық жолындағы күш-ғайраты дәлили болса, екинши тәрептен ҳаял-қызларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў жолындағы ҳәрекетлердиң жемиси болып есапланады.

    Әсиресе, магистратура басқышында билим алып атырғанлар арасында ҳаял-қызлардың салмағы жоқары. Бүгин магистрантлардың 62,44 проценти қызлар. Магистратурада оқыўды қәлеген қызлар ушын контракт суммасының мәмлекет тәрепинен қапланыўы жүдә үлкен имканиятлар есигин ашты. Мысал ушын, 2022-жылдан берли мәмлекетлик ЖООлардың магистратура басқышында төлемли-контракт тийкарында билим алып атырған ҳаял-қызлардың оқыўы ушын 285,8 миллиард сум қаржы ажыратылған. Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелеринде төлемли-контракт тийкарында оқыў ушын жеңиллетилген тәлим кредитин бериў системасы жолға қойылған, ҳаял-қызларға бул кредит процентсиз бериледи.

    Жәрдемге мүтәж шаңарақларға айрықша итибар қаратыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы ўазыйпаларынан бири. Бул орында мине усындай шаңарақлардағы ҳаял-қызларға да билим алыў, кәсип ийелеў ҳәм турмыста өз орнын табыў ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын айрықша мәмлекетлик грантлар тийкарындағы қабыллаў квотасы ажыратылды. 2021-жылдан болса бул грантлар 2 есеге арттырылды.

    Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе, бирақ жоқары мағлыўматы болмаған 500 ҳаял-қыз ҳәр жылы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усынысына тийкарланып тест сынағының нәтийжесине муўапық контракт тийкарында оқыўға қабыл етилмекте. Усыныснамаға ийе ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант тийкарында ажыратылатуғын бул қабыллаў параметрлериниң анық ҳәм тәбийий пәнлер, техника ҳәм медицина бағдарлары арасында бөлистирилиўи белгилеп қойылды.

    2023-2024-оқыў жылынан баслап, техникумларға қурылыс, транспорт, коммунал хожалығы, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў бағдарлары бойынша төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген 2385 ҳаял-қыз толық мәмлекетлик грант тийкарында билим алыў имканиятына ийе болды. Техникумларда ҳаял-қызлар ушын ажыратылған грантлар олардың билим алыўы менен бирге, ҳаял-қызлар аз ушырасатуғын тараўларда олардың жумысын кеңейтиўге де хызмет етеди.

    Қурылыс, транспорт, коммунал хожалығы ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларға бурыннан ер адамлар жумыс алып баратуғын бағдарлар сыпатында қаралып келинген. Бирақ, бүгин бул түсиник өзгермекте. Ҳаял-қызлар тек ғана турмыслық тараўларда емес, ал техника бағдарындағы кәсиплик шеберлик талап етилетуғын тараўларда да өз орнын таўып, жаңа жетискенликлерге ериспекте.

    Бүгин қызларымыз тек ғана билим алыў менен шекленбей, илим ҳәм инновация тараўларында да өз потенциалын көрсетпекте. Ҳәзирги ўақытта жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған изертлеўшилердиң 52 проценти ҳаял-қызлар екени ҳаял-қызлардың илим тараўындағы жумысы барған сайын кеңейип атырғанынан дәрек береди. Илим жолындағы ҳаял-қызларға ҳәттеки жәҳән аренасында да кең жол ашылмақта. Соның ишинде, 2024-жылдың өзинде 105 қәбилетли жас илимпаз сырт мәмлекетлерде илимий стажировка өтеў имканиятына ийе болды. Олар Уллы Британия, АҚШ, Қытай, Түркия, Италия, Венгрия сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы илимий орайларында тәжирийбе арттырмақта.

    2022-жылдан берли өткерилип киятырған "Илимпаз ҳаял-қызлар" таңлаўы болса изертлеўши ҳаял-қызлар ушын ҳақыйқый илҳам дәреги болды. Бул таңлаў ҳаял-қызлардың илимий излениўлерин қоллап-қуўатлаў, оларға жаңа имканиятлар есигин ашыў, инновациялық идеяларын турмысқа енгизиўде әҳмийетли орын ийелемекте.

    Быйылғы таңлаўда жүзлеген илимпаз қатнасты. Жуўмақлаўшы басқышта 55 жойбар ең мақулы деп табылып, қаржыландырылды. Жеңимпаз деп табылған жойбарлар техника, мәлимлеме технологиялары, медицина, экономика, биология, архитектура ҳәм социаллық пәнлер сыяқлы әҳмийетли бағдарларды қамтып алды. Оларды қаржыландырыў ушын 44,7 миллиард сум қаратыў белгиленген. Буннан тысқары, ҳаял-қызлар тәрепинен 68 стартап жойбары ислеп шығылып, 348 жаңа жумыс орны ашылды. Бул жойбарлар тек ғана илимге емес, ал экономикаға да үлкен үлес қоспақта.

    Усы жыл февральда өткерилген "Өзбекстан илимпаз ҳаял-қызлары форумы" илим ҳәм ой-пикир байрамына айланды. Онда елимиздиң илимин раўажландырыўға үлес қосып атырған ҳаял-қызлардың жетискенликлери мүнәсип атап өтилди. Илаж шеңберинде "Илимпаз ҳаял-қызлар - 2024" таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди. Мәжилис жуўмағында ҳәр жылы февраль айында бул форум ҳәм "Илимпаз ҳаял-қызлар" таңлаўын өткерип барыўды дәстүрге айландырыў усынысы алға қойылды. Бул ҳаял-қызлардың илим жолында исенимли қәдем таслаўы, жаңа ойлап табыўларға илҳам алыўы ушын кең имканият есиклерин ашады.

    Жәмийеттиң раўажланыўында тең ҳуқық ҳәм имканиятлардың тәмийинлениўи әҳмийетли норма есапланады. Әсиресе, билимлендириў мәкемелеринде қызлардың жәмийетлик-сиясий билимин арттырыў, ҳуқықый саўатлылығын жоқарылатыў мақсетинде кең көлемли жумыслар орынланбақта. Соның ишинде, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық және имканиятларды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси шөлкемлестирилди. Бул кеңес жәмийетте гендер теңликке ерисиў, ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлеў бағдарында әҳмийетли басламаларды алға қоймақта. Оның басламасы менен 2024-жылы 25 мыңнан аслам руўхый-ағартыўшылық илаж, миллий дәстүрлерди үгит-нәсиятлайтуғын 15 мыңнан аслам таңлаў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеўге қаратылған 8 мыңнан аслам жойбар әмелге асырылды.

    Билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар бузылыўына байланыслы мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, анықланған мәселелер бойынша зәрүр илажлар көрилмекте. Сондай-ақ, кәсиплик таярлық ҳәм маманлық арттырыў системасында гендерге байланыслы машқалаларға айрықша итибар қаратылмақта.

    Жоқары билимлендириў мәкемелеринде инсан ҳуқықлары, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм бала ҳуқықларына байланыслы арнаўлы курслар шөлкемлестирилген. Қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў бағдарламаларына гендерге байланыслы мәселелер, жәмийеттеги дифференциал минез-қулық тәсири сыяқлы темалар киргизилген. Соның менен бирге, профессор-оқытыўшылар ушын ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў және гендер теңликти тәмийинлеў бойынша қысқа мүддетли курслар ашылған.

    Системадағы билимлендириў мәкемелери ҳаял-қызлар кеңесиниң баслықлары ҳәм психологлары ушын гендер теңлик ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў темаларында турақлы оқыўлар өткерилип келинбекте. Бул болса жәмийетте ҳаял-қызлардың социаллық статусын беккемлеў, барлық тараўдағы белсене қатнасын тәмийинлеўге хызмет етеди.


    Назокат АБДУҚУНДУЗОВА,

    Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги

    мәлимлеме хызмети баслығы

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech