Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-декабрьдеги ПҚ-240-санлы қарары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар белгиленди.
13-14-октябрь күнлери Пекин қаласында ҚХР Баслығы Си Цзиньпин ҳәм БМШ структурасының басламасы менен гендер теңлик ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў мәселелери бойынша Глобал ҳаял-қызлар саммити болып өтпекте.
Жаңа Өзбекстандағы ҳәр бир реформада ҳаял-қызлардың мәпин гөзлеў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў мақсет етилгени тек ғана рәсмий баянат емес, бул әмелде турмысқа енгизилип атырған сиясат болып есапланады. Реформалар нәтийжесинде бүгин гендер теңлик ҳаққындағы гәплер тек ғана сүрен болып қалмастан, турмыста өз көринисин таба баслады. Ҳәтте халқымыз санасында да ҳаял-қызларға болған көзқарас сезилерли дәрежеде өзгерди.
Елликқала районы “Пахтачи” мәкан пуқаралар жыйынында “Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди.
Өзбекстанды мәлимлеме технологиялары тараўындағы регионаллық орай - IТ хабқа айландырыў, мәлимлеме технологиялары хызметлериниң экспортын арттырыў, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў процесинде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў әҳмийетли мәселелерден. Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен жолға қойылған жойбарлар апа-қарындасларымыздың программалық өнимлерди жаратыўы ҳәм программист сыпатында қәлиплесиўине жәрдемлесиўге қаратылған.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Ректор кубоги” олимпиадасының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Қарақалпақ халқының аламойнақ дуўтарының жанға жағымлы ҳаўазы өзгеше. Оған қосылып, қулақтың қурышын қандырып, жақсы кейпият бағышлайтуғын хош ҳаўаз ийелери ҳәр қашанда халықтың алғысына миясар болып келген.
Ҳәр бир инсан ақылы ҳәм қәлби менен жоқарыға умтылады, шыңларды ийелеўди, өзи әрман еткен ең жоқары шеклерге жетиўди қәлейди. Бул умтылыс инсанның кеўлин жарқын үмитлер, мәртлик қарарлар ҳәм тынымсыз излениўлер менен толтырады. Әсиресе, ҳаял-қызлар - жәмийетимиздиң жүреги, келешегимиздиң таянышы, ағартыўшылық булақларынан пайдаланыўды нийет еткен қызларымыз ушын бул жүдә әҳмийетли.
Енди ҳәр айда реже-график тийкарында аймақларда жумыслар шөлкемлестириледи, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың дизимлери қәлиплестирилип, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў илажлары көрилип барылады.
2025-жылдың 4-февраль күни Олий Мажлис Сенатында Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның мәжилиси болып өтти.