баннер
25 Apr 2025
18:51

    Илим ҳәм тәбият үнлеслигинде қурылған "Илим-ағартыўшылық бағы"

    14 Aprel 2025 538

    Бүгинги күнде билимлендириў, илим ҳәм экология тараўларындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул бағдардағы ең алдыңғы басламалардан бири - Қарақалпақ мәмлекетлик университети аймағында қурылған "Илим-ағартыўшылық бағы". Бул бағ Наманган мәмлекетлик техника университетиниң басламасы ҳәм илимий қатнасы тийкарында турмысқа енгизилди.

    Бағда 100 түптен аслам саяманлы терек нәллери ҳәм 500 түптен аслам түрли гүллер егилди. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул гүллер ҳәм нәллер Наманган мәмлекетлик техника университетиниң лабораториясы ҳәм инновациялық ыссыханасында жетистирилген. Ең әҳмийетлиси, бул жумыс процесинде Наманган мәмлекетлик техника университети илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған гидрогел технологиясынан пайдаланылды. Бул технология суўды үнемлеў ҳәм өсимликлерди нәтийжели тәрбиялаўда жоқары нәтийже береди. Бул болса бағды тек ғана сулыў емес, ал экологиялық жақтан да турақлы мәканға айландырады.

    Салтанатлы ашылыў мәресиминде еки университеттиң басшылары, профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Олар бул бағдың қурылысы - билимлендириў, илим ҳәм экологиялық мәденияттың өз-ара байланыслылығын көрсететуғын айқын үлги екенин атап өтти.

    - "Илим-ағартыўшылық бағы" - бул тек ғана гүллер ҳәм тереклер егилген аймақ емес. Бул - жас әўлад ушын тәрбия орны, жәмийетимизде экологиялық мәдениятты қәлиплестиретуғын оқыў-тәрбия майданы. Бағда ҳәр бир гүл, ҳәр бир терек илимниң, мийнет ҳәм бирге ислесиўдиң тымсалы. Бизди қуўандыратуғын тәрепи - гидрогел технологиясы сыяқлы заманагөй көзқараслар әмелиятта өз орнын таўып атыр. Бундай басламалар арқалы биз тек ғана тәбиятқа емес, ал келешек әўладтың санасына да тәсир көрсетип атырмыз, -дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги Ахмед Реймов.

    Мәресим даўамында және бир әҳмиетли ўақыя, Наманган мәмлекетлик техника университети жәмәәти Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәтине 64-халықаралық гүллер фестивалында қатнасыў ушын рәсмий мирәтнаманы салтанатлы түрде тапсырды. Бул усыныс тек ғана дәстүрий дослық байланысларын беккемлеп қоймастан, ал университетлер арасындағы илимий-әмелий бирге ислесиўдиң жаңа басқышын белгилеп береди.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.




    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech