баннер
24 Apr 2025
21:33

    "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" татыўлық ҳәм дослық фестивалы

    15 Aprel 2025 431

    Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" атамасында фестиваль шөлкемлестирилип, онда университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, сондай-ақ, Наманган мәмлекетлик техника университети менен Үргенш мәмлекетлик университетинен делегациялар қатнасты.

    Дәслеп мийманлар студентлер тәрепинен жаратылған миллий кийимлер, өнерментшилик үлгилери, сүўретлер көргизбелерин тамашалады. Буннан соң, "Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" атамасында илаж басланды.

    Бул фестиваль елимизде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкилиниң ана журты - Өзбекстан қушағында қаншелли еркин, тең ҳәм тыныш өмир сүрип атырғанын және бир мәрте көрсетти. Илажға қатнасқан мийманлар, студент-жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақ презентлериндей татыў жасап атырғанын атап өтти. Олардың ҳәр бири өзиниң бийтәкирар мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери менен елимиздиң рәңбәрең мәдений келбетине өз үлесин қосып келмекте. Өзбекстан дүньядағы аз санлы мәмлекетлерден бири болып, онда миллий татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик сиясаты мәмлекет дәрежесинде алып барылады. Ҳәр бир миллет ўәкилиниң өз ана тилинде сөйлесиўи, билим алыўы, мәдениятын раўажландырыўы ушын барлық имканиятлар менен шараятлар жаратып берилген.

    Фестиваль шеңберинде миллий липаслар көргизбеси, сахналық шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлардың итибарына усынылды. Ҳәр бир шығыў, ҳәр бир қосық, халық аяқ ойынлары жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады. Илажда шығып сөйлегенлер Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған ашық, халықшыл ҳәм кеңпейил сиясаттың нәтийжесинде мәмлекетимизде миллетлераралық қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech