баннер
12 Apr 2025
09:45

    Өзбекстан Президенти: "Бизиң ўазыйпамыз - келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриў"

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-апрель күни Самарқанд халықаралық ықлым форумының жалпы сессиясында шығып сөйледи.

    Форум жумысында Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң басшысы Одил Рено-Бассо, Европа экономикалық комиссиясының атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан, Халық пунктлери бойынша бағдарламаның атқарыўшы директоры Анаукладия Россбах, Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясының атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиав ҳәм басқалар қатнасты.

    БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш форум қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

    Қатнасыўшылар арасында 2 мыңнан аслам сырт ел мийманлары, соның ишинде, миллий ҳәм глобал экологиялық шөлкемлер, халықаралық структуралардың басшылары, экспертлер, илимпазлар ҳәм журналистлер, бизнес ўәкиллери бар.

    Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия алдында турған әҳмийетли ықлым машқалалары додаланды, экологиялық турақлылық, "жасыл" экономикалық раўажланыў ҳәм ықлым өзгериўине қарсы гүресиўде регионаллық бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

    Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында форумның халықаралық көлеми ҳәм қатнасыўшылардың абырайы дүнья жәмийетшилигиниң турақлы раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелерине нәтийжели шешим излеўде биргеликте ҳәрекетлер алып барыўға садықлығының үлгиси екенин атап өтти.

    Өткен жылы дүньяда биринши мәрте орташа температура Цельсий шкаласы бойынша бир ярым градустан жоқары көтерилгени атап өтилди. Соңғы он жыллық метеорологиялық бақлаўлар тарийхында ең ыссы болды.

    - Соның ақыбетинде бүгин бәршемиз ықлым кризислериниң унамсыз тәсирлери - тоғай өртлери ҳәм шөллениў көлеминиң артып баратырғаны, музлықлардың қысқарып атырғаны, суў ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип атырғаны, ҳаўа сапасының төменлеп атырғанын сезинип турмыз, - деди Өзбекстан Президенти.

    Регион мәмлекетлери тәрепинен Орайлық Азияда ықлым өзгериўине бейимлесиў стратегиясы ислеп шығылды ҳәм бир аўыздан мақулланды.

    Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин жумсартыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, "таза" энергия дәреклерин кеңейтиў бағдарламалары шеңберинде европалы шериклер менен табыслы бирге ислесип атырғаны атап өтилди. Бундай шериклик Орайлық Азияның турақлы "жасыл" раўажланыўына әҳмийетли үлес қосады.

    Усы мәниде, ықлым өзгериўин қорғаў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелерин алға қойыўда глобал жетекши болған Евроаўқам менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўден мәпдарлық билдирилди.

    Ықлым өзгериўи машқалалары азық-аўқат ҳәм энергия қәўипсизлиги менен тығыз байланыслы екени айрықша атап өтилди.

    Өнимдар жерлер кескин азайып бармақта, бүгинги күнде региондағы жәми жер майданының 20 проценттен асламы деградацияға ушыраған. Шерек әсирден соң өнимдарлық үштен бир бөлекке азайыўы мүмкин.

    - Усы мүнәсибет пенен, тоғай хожалығы ҳәм аграр тараўдың бейимлесиўшеңлигин арттырыў, сондай-ақ, "Уфқ - Европа" бағдарламасы шеңберинде азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ушын илимий потенциалымызды бирлестириў турмыслық әҳмийетли мәселе, деп есаплайман, -деди мәмлекетимиз жетекшиси.

    Президентимиз Өзбекстанда деградацияға ушыраған жер майданларын қысқартыў ҳәм ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди. "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде кең көлемли көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, Аралбойының 2 миллион гектардан аслам шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилген.

    Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдында "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" терек егиў регионаллық акциясын өткериў усыныс етилди.

    Президент Шавкат Мирзиёев экономиканы раўажландырыўдың ресурсларды үнемлейтуғын ҳәм экологиялық таза моделине өтиў мәселесине де итибар қаратты.

    Бул тараўдағы тийкарғы бағдарлардан бири - "жасыл" энергетика.

    Келеси бес жылда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген болып, бул ыссыхана газлери шығындылары көлемин дерлик 16 миллион тоннаға азайтыў имканиятын береди.

    - Биз Өзбекстанның Париж келисими шеңберинде пуў газлери шығарылыўын 35 процентке азайтыў бойынша алған миннетлемесин мүддетинен алдын орынлаў ушын барлық ҳәрекетлеримизди иске қосатуғынымызды атап өтпекшимен, -деди мәмлекетимиз басшысы.

    Бул бағдардағы ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында қаржыландырыў, технологиялар ҳәм ўәкилликлерди жумсаў ушын Ташкент қаласында Европа Аўқамының "Суў - Энергия - Ықлым өзгериўи" деп аталған басламасының Секретариатын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

    Бүгинги форумда усынылатуғын Регионның "жасыл" раўажланыў концепциясы айрықша атап өтилди.

    Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерине тоқтап өтип, Өзбекстан Президенти 2040-жылға барып Орайлық Азия мәмлекетлери Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья ағысының азайыўы тәсиринде жоқары дәрежедеги суў тамтарыслығына дус келетуғынын мәлим етти.

    Суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация тармақларын бетонлаў жумыслары алып барылып атырғаны, суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасы жаратылып атырғаны, олар суўғарылатуғын жерлеримиздиң дерлик ярмында, яғный дерлик 2 миллион гектарда енгизилгени атап өтилди. Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы дерлик 8 миллиард куб метр суў үнемленди.

    - Орайлық Азияда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бул тараўда регионаллық бағдарламаны иске қосыўға шақырамыз, -деди Шавкат Мирзиёев.

    Бул мәселелердиң барлығын экспертлер дәрежесинде додалаў ушын Аралбойы регионында суўды үнемлейтуғын технологиялар бойынша халықаралық форум өткериў режелестирилген.

    Сондай-ақ, музлықлардың жағдайын үзликсиз жасалма жолдас арқалы бақлаў ҳәм регионның таў экосистемалары ушын қәўиплерди ерте анықлаў бойынша "Коперник" бағдарламасы шеңберинде Европа Аўқамы менен тығыз бирге ислесиўден мәпдарлық билдирилди.

    Ташкенттеги "Жасыл университет" тийкарында шөлкемлестирилген Ықлым резиденциясы Орайлық Азиядағы ықлым процесслерин үйрениў ҳәм мониторинг етиў бойынша улыўма илимий-экспертлик платформа ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

    Соның менен бирге, 5-апрель күни Нөкисте регионымыздың экологиялық машқалаларына көркем өнер жойбарлары арқалы итибар қаратыўға қаратылған Арал мәденият саммити өз жумысын баслайды.

    Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы "Келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриў" улыўма мақсет екенин және бир мәрте ескертти.

    - Оның ушын сөйлесиўлерди беккемлеў, улыўма ийгиликли мақсетлер жолында бирлескен барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин муўапықластырыў зәрүр, - деди Өзбекстан Президенти.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech