Делегацияларға Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев ҳәм Польша Раўажланыў ҳәм технологиялар министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Михал Ярош басшылық етти.
Дәслеп еки мәмлекеттиң 150 ден аслам ири компаниясының басшылары қатнасыўында бизнес-форум болып өтти. Бул әнжуманда бирге ислесиўши мәмлекеттиң “Jakusz”, “BioRex Food diagnostics”, “Pronar”, “Fabryka Maszyn elektrycznych Damel S.A.”, “Spоłdzielnia Mleczarska Mlekovita”, “Bank Gospodarstwa Krajowego (BGK)”, “Skybone”, “Horus-Energia”, “Trade Connect group”, “Clever logistics”, “ABP Lana LP”, “Amberite Polanya” сыяқлы ири кәрханаларының жуўапкерлери қатнасты.
Тәреплер исбилермен топарлар арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, регионаллық базарлар ҳәм транспорт-логистика системасының имканиятын терең таллаў тийкарында өз-ара саўда қатнасығының көлемин жедел кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Өзбекстан ҳәм Польша товар айланысы соңғы бес жылда еки есеге теңлесип, өткен жылы 400 миллион долларға шамаласты. Республикамызда Европаның усы мәмлекети инвестициясының қатнасыўында 39 кәрхана жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, регионаллық базарларға жеңиллетилген кириў имканиятларынан пайдаланып, өним ҳәм хызметлер алмасыўын күшейтиў ушын еле иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Бизнес-форумда экономикамыз тармақларының потенциалы көрсетилди. Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, туризм, санлы технология тараўларын раўажландырыў, билимлендириў бағдарында сап ағымдағы қун көрсеткиши жоқары болған жаңа инвестициялық басламалар, анық жойбарлаў усыныслары усынылды.
Сондай-ақ, елимизде исбилерменлердиң қолайлы жумыс алып барыўы, ҳуқықы ҳәм мәпи қорғалыўы ушын жаратылған шараят, инвестициялық ҳәм өндирислик потенциалдың әмелий тәреплери ҳаққында сөз етилди.
Шерикликтиң ҳәзирги жағдайы ҳәм байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективасы ҳәр тәреплеме көрип шығылып, өз-ара саўда көрсеткиши, инвестиция тартыў ҳәм санаат кооперациясы бойынша мақсетли нормалар белгилеп алынды.
Форум бағдарламасына бола шөлкемлестирилген B2B ҳәм B2G форматындағы ушырасыўларда исбилерменлер жаңа байланыслар орнатыў, өз-ара пайдалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ҳәм дүзилетуғын саўда шәртнамаларын додалаў имканиятына ийе болды.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Польша Республикасы арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисинде тийисли министрлик, уйым ҳәм тармақ бирлеспелери басшыларының әмелдеги келисимлердиң орынланыўы бойынша баянатлары тыңланды. Жойбарлардың ҳәр бир басқышы ҳәр тәреплеме талланып, белгиленген ўазыйпаларды табыслы әмелге асырыўды жеделлестириўге қаратылған нәтийжели шешимлер ислеп шығылды, тийисли мүддетлер, жуўапкерлер белгиленди.
Илажлар жуўмағы бойынша Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия мәжилисиниң протоколы ҳәм бир қатар еки тәреплеме шәртнамалар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлиги менен Польша инвестициялар ҳәм саўда агентлиги арасында Өз-ара түсинисиў меморандумы, еки мәмлекет Саўда-санаат палаталары Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим, республикамыз Исбилерменлердиң ҳуқықын қорғаў бойынша Ўәкил (Бизнес-омбудсман) ҳәм бирге ислесиўши мәмлекет Киши ҳәм орта бизнес бойынша Омбудсманы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.