баннер
2 Apr 2025
01:38

    Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилериниң рәсмий емес ушырасыўы болып өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 29-март күни Алма-ата қаласында рәсмий емес ушырасыў өткерди.

    Еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын избе-из беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Сөйлесиў алдынан мәмлекет басшылары бир-бирин ҳәм туўысқан халықларымызды бәҳәр әййямы - Наўрыз ҳәм жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлер алып барылмақта. Товар алмасыў көлеми жыл басынан берли 14 процентке артты, улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестирилди, жақын аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў раўажланбақта.

    Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан Бас министрлери орынбасарларының өз-ара саўданы көбейтиў, машина қурылысы, электротехника, нефть-газ, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда жетекши кәрханалардың кооперациялық жойбарларын алға қойыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққындағы есабатларын тыңлады.

    Президентлер санаат кооперациясы бойынша узақ мүддетли бағдарламаны қәлиплестириў, регионаллық әҳмийетке ийе инфраструктуралық жойбарларды жеделлестириў бойынша анық тапсырмалар берди.

    Усы жылы Халықаралық санаат кооперациясы орайын иске қосыў бойынша әмелий жумысларды баслаў, биргеликтеги сыртқы саўда компаниясының жумысын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, жақын айларда Өзбекстанда өткерилетуғын Орайлық Азия саммитлерине таярлық бойынша пикир алысылды.

    Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси де көрип шығылды.

    Ушырасыў әдеттегидей дослық ҳәм исшеңлик руўхында өтти.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech