Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Биокөптүрлиликти қорғаўға бағышланған халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти

    Усы жылдың 19-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Биокөптүрлиликти қорғаў ҳәм Өзбекстан Республикасындағы экосистемалар - Германия Федеративлик Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы бирге ислесиў потенциалы атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

    Бул илаж регионаллық экологиялық машқалалар, биологиялық ресурсларды сақлаў ҳәм олардан турақлы пайдаланыў бағдарындағы әҳмийетли мәселелерди додалаў және Германия ҳәм Өзбекстан арасындағы илимий, билимлендириў ҳәм инновациялық бирге ислесиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген.

    Конференцияны университет ректоры, академик А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде глобаллық экологиялық машқалалар фонында биологиялық көптүрлиликти сақлап қалыў, атап айтқанда, Орайлық Азия регионында бар болған сийрек ушырасатуғын экосистемалар ҳәм олардың хызметлерин илимий тийкарда үйрениў ҳәм қорғаў зәрүрлигин атап өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасып, аймақта алып барылып атырған экологиялық сиясат ҳәм тәбиятты қорғаў бағдарындағы стратегиялық режелер ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, конференцияда Германия Федеративлик Республикасының жетекши илимий мәкемелери ҳәм университетлеринен және басқа да сырт еллерден келген илимпазлар, қәнигелер, изертлеўшилер белсене қатнасты.

    Сондай-ақ, конференцияда билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарлары да көрип шығылды. Германия ҳәм Өзбекстан университетлери арасында оқыў бағдарламаларын және де жетилистириў, әмелдеги билимлендириў концепцияларына генетикалық ҳәм биологиялық ҳәр түрлилик, экосистемалардың әҳмийети сыяқлы темаларды интеграциялаў, студентлерди экологиялық саўатлылық ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланған ҳалда таярлаў мәселелери додаланды. Илаж шеңберинде пәнлераралық қатнасқа тийкарланған тематикалық изертлеўлерди раўажландырыў, системалы пәнлер менен бир қатарда экономика, экология ҳәм социаллық мәселелер арасындағы өз-ара байланысты таллаўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар алға қойылды.

    Бундай қатнас экологиялық қәўип-қәтерлерди терең таллаў, олардың социаллық ҳәм экономикалық ақыбетлерин баҳалаў және оларға қарсы нәтийжели стратегиялар ислеп шығыўда әҳмийетли фактор болып есапланады. Халықаралық илимий-әмелий конференция даўамында Германия ҳәм Өзбекстан илимпазлары арасында тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги изертлеўлер, билимлендириў бағдарламалары, стажировкалар ҳәм илимий алмасыў механизмлерин жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди. Илаж жуўмағында қатнасыўшылар халықаралық көлемде биологиялық көп түрлиликти қорғаўға қаратылған ҳәрекетлерди күшейтиў зәрүр екенлигин және бир мәрте тән алып, бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенлигин билдирди.

    Минәжатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates